Мәжилисте барлық район ҳәкимлериниң қурылыс бойынша орынбасарлары, мәмлекетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, ири қурылысшылар, қәнигелер ҳәм инвесторлар қатнасты. Өткерилген мәжилис даўамында қурылыс тараўындағы әҳмийетли ўазыйпаларды орынлаў сондай-ақ, машқалаларды анықлаў ҳәм оларға шешим табыў, инновациялық шешимлер ҳәм жаңа технологияларды енгизген ҳалда заманагөй көп қабатлы турақ жай массивлерин қурыў бойынша мәселелер көрип шығылды. Сондай-ақ, жойбарларды қаржыландырыў, ашық-айдынлықты тәмийинлеў ҳәм қәўипсизлик талапларына әмел етиў бағдарындағы мәселелер тараў ўәкиллери менен ҳәр тәреплеме додаланды.
Болып өткен мәжилис даўамында қурылыс тараўын раўажландырыў ушын бир қатар усыныслар көрип шығылды. Соның ишинде, заманагөй қурылыс материалларынан нәтийжели пайдаланыў, экологияға зыян келтирмейтуғын технологияларды қолланыў ҳәм мийнет ресурсларын ақылға уғрас басқарыў ҳаққындағы усыныслар билдирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.









