баннер
21 Mar 2025
16:25

    Қызларымыздың Универсиададағы табысы

    11-16-март күнлери Наманган ўәлаятында баскетбол бойынша қызлар арасында Универсиада-2024 жарысының жуўмақлаўшы басқышы болып өтти.

    Жарысқа мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан 14 команда қатнасып, жеңимпазлық ушын өз-ара гүрес алып барды.

    Оғада қызықлы өткен жарыстың топар ойынларында Қашқадәрья ҳәм Сырдәрья ўәлаяты командаларын ири есапларда жеңип шыққан қарақалпақстанлы қызлар, шерек финалда Жиззақ, ярым финалда Ферғана ўәлаяты командаларын үстинен әжайып түрде жеңиске еристи.

    Ал, чемпионлық ушын болып өткен шешиўши ойында болса, командамыз қызлары майдан ийелери есапланған Наманган ўәлаяты командасына 51-56 есабында жеңилип қалды.

    -Командамыз ушын ең қыйын беллесиў ярым финалда Ферғана ўәлаяты командасы менен ойында болды деп айта аламан,-дейди команданың бас тренери Алима Жийемуратова.- Себеби, бизлер ушырасыўдың ең соңғы секундларында 3 упайлық есап пенен өз қарсыласларымызды жеңип шығыўға миясар болдық. Ойын 50-47 есабы менен жуўмақланды. Әлбетте, бул жеңис өз-өзинен болғаны жоқ. Бунда биринши гезекте бизлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаған Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректоры Ахмед Реймов, дене тәрбиясы факультети деканы Нийетбай Қайыпов, кафедра баслығы Илал Нажимов, нураный устаз Аллаяр Казаковлардың салмақлы үлеси бар. Буның ушын оларға айрықша рахмет айтаман. Соны айрықша айтып өтиўимиз керек, усы жарыстан соң бизиң командамыздың 6 ойыншысы Өзбекстан миллий сайланды командасы қурамына шақырылып, ҳәзирги ўақытта Ангрен қаласында шынығыў алып бармақта.

    Пурсаттан пайдаланып, барлық халқымызды елимизге кирип киятырған Наўрыз байрамы менен шын кеўилден қутлықлайман ҳәм командамыздың жеңисин байрам саўғасы сыпатында қабыл етиўин сорайман.

    Ҳақыйқатында, қызларымыздың ерискен бул табысы, барлық спорт жанкүйерлерин шексиз қуўанышқа бөледи десек, асыра айтпаған боламыз. Гүлмийра Қудиярова, Амангүл Жоллыбаева, Гүлзат Алпысбаева, Қоңырша Нурлыбаева, Гүлназ ҳәм Дилназ Мамбетназаровадай қызларымыздың Өзбекстан сайланды командасына ағза сыпатында шақырылыўы, командамыздың ертеңги күнге деген исенимин беккемлейди.

    Адилбай Оразов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech