Өзбекстан басшысы 21-декабрь күни Жоқары Евроазия экономикалық кеңесиниң гезектеги мәжилисинде шығып сөйледи.

Президентимизге, сондай-ақ, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан Президентлерине Лев Толстой атындағы халықаралық тынышлық сыйлығын тапсырыў мәресими болды.

Бүгин мәмлекетимиз басшысы Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы мәмлекет басшыларының рәсмий емес саммитинде қатнасты ҳәм Мәмлекетлик Эрмитажға барды.

Мәмлекетимиз басшысы әмелий сапарын жуўмақлап, "Пулково" халықаралық аэропортынан Ташкентке ушты. Жоқары мәртебели мийманды Санкт-Петербург қаласының губернаторы Александр Беглов ҳәм басқа да рәсмий шахслар шығарып салды.