Бүгинги күнде туризм барған сайын перспективалы тараўға айланып, мәмлекет экономикасында әҳмийетли орын ийелемекте, мыңлаған жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыўға хызмет етпекте.

Кейинги жылларда алып барып атырған ашық-айдынлық сиясатымыз, виза тәртибиниң әпиўайыластырылғаны, транспорт ҳәм мийманхана инфраструктурасының кеңейтилгени, исбилерменлер ушын бир қатар салық ҳәм бажыхана жеңилликлериниң енгизилгени туризм индустриясының раўажланыўына жаңа пәт бағышламақта. Өзбекстанға келетуғын сырт елли туристлердиң саны 2025-жылы 2016-жылға салыстырғанда кеминде 6 есеге артып, дерлик 12 миллионға жеткени, туризм хызметлериниң экспорты 11 есеге көбейип, 4 миллиард 800 миллион АҚШ долларын қурағаны буны айқын тастыйықлайды.

Мәмлекетимиз глобал туризм сиясатында барған сайын беккем орын ийелемекте. Өзбекстанның басламасы менен БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен 2027-жыл Халықаралық турақлы ҳәм өмиршең туризм жылы, деп жәрияланғаны, БМШтың Дүнья жүзилик туризм шөлкеми тәрепинен елимиз дүньяда ең тез өсип атырған туристлик бағдарлардың беслигине киргизилгенин атап өтиў керек.

Әлбетте, бул жетискенликлердиң артында мәмлекетимиздеги мыңлаған туроператор ҳәм турагентлер, мийманхана ҳәм шаңарақлық мийман үйлери хызметкерлери, гид ҳәм экскурсоводлар, рестораншылар, транспорт ҳәм сервис компанияларының ўәкиллери, өнерментлер, мәденият ғайраткерлери, музей хызметкерлери, устазлардың үлкен мийнети бар.

Пурсаттан пайдаланып, тараўдың барлық пидайы хызметкерлерине шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Жаңа Өзбекстанның өзине тән "мирәт қағазлары"на айланған көплеген дыққатқа ылайық орынлар, соның ишинде, Ислам цивилизациясы орайы, Имам Бухарий ҳәм Бурхониддин Марғиноний комплекслери, Заманагөй көркем өнер орайы республикамыз халқы ҳәм сырт елли туристлерде үлкен қызығыўшылық оятпақта.

Биз бул бағдардағы жумысларымызды избе-из даўам еттирип, гөззал үлкемизди дүньядағы ең абырайлы туристлик орайлардан бирине айландырыў, саяхат етиў ушын заманагөй инфраструктураны буннан былай да раўажландырыў нийетиндемиз. Усы мақсетте Хийўа қаласында тарийх ҳәм заманагөйлик өз-ара байланысқан халықаралық туризм қалашасы, конгресс орайы ҳәм тарийхый-этнографиялық парк шөлкемлестириў, ески "Ичан-қала"ды санлы технологияларға тийкарланған "ақыллы" музей комплексине айландырыўды режелестиргенбиз. Самарқандта болса сийрек ушырасатуғын экспонатлар жәмленген Жипек жолы музейи шөлкемлестириледи. Қарақалпақстанда археологиялық естеликлер бойлап жаңа туристлик бағдарлар ашылады. Қашқадәрья ўәлаятының Шаҳрисабз районында "Ғилон", Наманган ўәлаятының Поп районында "Арашан" сыяқлы жаңа комплекслер шөлкемлестириледи.

Тараўға заманагөй технологияларды кеңнен енгизиў, бирден-бир миллий туризм платформасын иске қосыў, туризм хызметлериниң бирден-бир системасына интеграциялаў, жасалма интеллект имканиятларынан пайдаланыў, кадрлардың маманлығын турақлы арттырып барыў тийкарғы ўазыйпамыз болып қалады. Жоқары қосымша қун жаратылатуғын гастрономиялық, экологиялық, зыярат, медициналық, таў ҳәм ўақыя, исбилерменлик, этно ҳәм аўыллық туризм бағдарларын жедел раўажландырыўға айрықша итибар қаратылады.

Бул әҳмийетли ўазыйпаларды шешиўде биз 2030-жылға барып сырт елли туристлердиң санын жылына 20 миллионға, туризмниң жалпы ишки өнимдеги үлесин 7 процентке жеткериў, хызметлер экспортын 8 миллиард доллардан арттырыў, жоқары дәрежедеги мийманханалардың санын 2 есеге көбейтиўди өз алдымызға мақсет етип қойғанбыз.

Бул шеклерге ерисиўде биз, бәринен бурын, өз өмирин туризм тараўын раўажландырыўға бағышлаған, дүнья жәмийетшилигин елимиз, оның әййемги тарийхы ҳәм мәденияты менен кеңнен таныстырыўды өзиниң кәсиплик ўазыйпасы деп билетуғын сиз, интакер ҳәм шөлкемлестириўшилерге сүйенемиз.

Әлбетте, тараўдың материаллық-техникалық базасын ҳәм кадрлар потенциалын беккемлеў, оның пидайы хызметкерлериниң мийнетин мүнәсип хошаметлеў буннан былай да дыққатымыз орайында болады. Усы мүнәсибет пенен "Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен туризм хызметкери" ҳүрметли атағын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысымды бәршеңиз қоллап-қуўатлайсыз, деп ойлайман.

Сизлерди Пүткил жер жүзилик туризм күни менен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, мақтанышлы жумысыңызда әўмет ҳәм табыслар тилеймен.

 

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти