Халықтың жасаўы, шөлкем ҳәм мәкемелердиң жумысы ушын қолайлы ҳәм заманагөй
шараятлар жаратыў мақсетинде объектлерде күни-түни пидәкерлик пенен мийнет етип
атырған сизлерге - шебер инженер ҳәм жумысшыларға, уста ҳәм слесарларға, механик
ҳәм технологларға, қәниге ҳәм ветеранларға, тараўдың барлық көп миллетли
жәмәәтлерине терең ҳүрмет, жақсы тилеклер ҳәм шын жүректен миннетдаршылық
билдиремиз.
Әзиз дослар!
Соңғы жыллары елимизде барлық тараў ҳәм тармақлар қатарында халықтың турмыс
дәрежесин арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе коммуналлық хызмет көрсетиў
системасында да түпкиликли өзгерислер әмелге асырылмақта. Әсиресе, алдынғы
халықаралық тәжирийбелер тийкарында турақ жай фондына хызмет көрсетиў бойынша
басқарыў сервис компанияларын шөлкемлестириў, оларға зәрүр жеңилликлер ҳәм
мәмлекет кепилликлерин бериў хызметлердиң сапасын арттырыўда айрықша әҳмийетке
ийе. Бүгинги күнде елимиздеги 45 мың көп қабатлы турақ жайдың 90 процентинен
асламына 1 мыңнан аслам усындай шөлкем хызмет көрсетип атырғанын, кейинги 9
жылда ажыратылған 3 триллион 700 миллиард сум қаржы есабынан 51 мыңға шамалас
турақ жай оңланып, 3 мың 500 лифт жаңасына алмастырылғанын айрықша атап өтиў
керек.
Тараўды жедел санластырыў нәтийжесинде 42 мыңға шамалас көп қабатлы турақ
жайлар ҳәм 1 миллион 500 мыңнан аслам турақ жай мүлк ийелери "Мениң
үйим" биллинг системасында дизимнен өткерилди. Бул басқарыў шөлкемлериниң
жумысын және де ашық-айдын етти, олардың жумысына тиккелей баҳа бериў
имканиятын жаратты.
Буннан тысқары, 3 мың 400 ишимлик ҳәм ақаба суў объектлери, 42 мың
километрден аслам суў тармақлары қурылды ҳәм реконструкцияланды. Нәтийжеде
елимизде халықты орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинлеў дәрежеси 2017-жылдағы
63 проценттен ҳәзирги 83 процентке жетти. Ыссылық тәмийнаты тараўындағы кең
көлемли жумыслар даўамында 100 ге шамалас орайлық ҳәм жергиликли қазанханалар,
1 мың 276 километр ыссылық тармақлары оңланды ҳәм модернизацияланды. Бул
системаға 3 мың 800 ден аслам көп қабатлы турақ жай ҳәм 371 социаллық объект
қосылғаны айрықша итибарға ылайық.
Ҳәзирги ўақытта халықтың турмыслық мәплерин тәмийинлеў бойынша коммуналлық
хызмет көрсетиў тараўы алдында үлкен ўазыйпалар тур. 2030-жылға шекем халықты
орайласқан тармақлар арқалы ишимлик суўы менен тәмийинлеў дәрежесин 90
процентке жеткериўди режелестиргенбиз. Сондай-ақ, 103 қазанхана ҳәм 1 мың 600
километр ыссылық тармақлары қурылады ҳәм реконструкцияланады. Мәмлекетлик-жеке
меншик шериклик тийкарында ҳәм халықаралық финанс институтларының қатнасыўында
13 ири инвестициялық жойбар әмелге асырылады. Нәтийжеде орайласқан ыссылық
тәмийнаты менен қамтып алыў ҳәзирги 37 проценттен 58 процентке жетеди.
Сизлер бул үлкен ўазыйпаларды әмелге асырыўға бар күш-ғайратыңыз, билим ҳәм
тәжирийбеңизди жумсап, мүнәсип үлес қосатуғыныңызға исенемен.
Өз гезегинде, коммуналлық тараўдың материаллық-техникалық базасы ҳәм
кадрлар потенциалын беккемлеў, хызметкерлердиң мийнетин хошаметлеў буннан былай
да мәмлекетимиздиң дыққат орайында болады.
Сизлерди кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге
табыслар, беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға бахыт-ығбал, қут-берекет тилеймен.
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти