Раўажланыў ҳәм абаданлық нышаны

    3 қаңтар 2025 64

    Халқымыздың еркин ҳәм абадан, қүдиретли Жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша ерк-ықрарын жүзеге шығарыў, ҳәр бир пуқараға өз потенциалын раўажландырыў ушын барлық мүмкиншиликлерди жаратыў, саламат, билимли ҳәм руўхый бәркәмал әўладты тәрбиялаў, глобал өндиристиң зәрүрли буўынына айналған күшли экономиканы қәлиплестириў, әдилликти, нызам үстинлигин, қәўипсизлик ҳәм турақлылықты кепилликли тәмийинлеў мақсетинде, Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын әмелге асырыў процесинде арттырылған тәжирийбе ҳәм жәмийетшиликтиң талқылаўы нәтийжелери тийкарында ислеп шығылған «Өзбекстан – 2030» стратегиясы бүгинги күни халқымызға айдын жолды көрсетиўши тийкарғы бағдар сыпатында хызмет етпекте.

    Бүгин жаңа жылдың дәслепки жумыс күни Бостан қалашасына киреберисте «Өзбекстан – 2030» стратегиясы монументиниң ашылыў мәресими болып өтти.

    Оған район басшылары, нураныйлар, өзин-өзи басқарыў уйымларының баслықлары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

    Мәресимде район ҳәкиминиң биринши орынбасары Б.Алимов ҳәм басқалар соңғы жыллары мәмлекетимизде жүргизилип атырған кең көлемли реформаларда «Өзбекстан – 2030» стратегиясының тутқан орны ҳәм халқымыздың абаданлығын тәмийинлеўдеги атқарып атырған хызмети ҳаққында кең түрде айтып өтти.

    Соны айтып өтиўимиз керек, «Өзбекстан – 2030» стратегиясы символының тийкарын «Жаңа Өзбекстан» ҳәм «Үшинши Ренессанс» тымсалы сыпатында “Янги Ўзбекистон” бағындағы Мустақиллик монументи образы қурайтуғынлығы, бул монумент мәмлекетимиз тарийхы, бүгинги күни ҳәм келешегиниң өз-ара үйлесимлигиниң көриниси сыпатында түсинилсе, оның жоқарыға көтерилиўи негизинде халқымыздың бирлиги ҳәм татыўлығы, Өзбекстанның дүнья еллери менен дослығы, тынышлықты сүйиўши сиясаты өз сәўлелениўин тапқан. Ал, жоқарыға умтылған сызықлар динамикасында «Өзбекстан – 2030» стратегиясының бес баслы бағдары ҳәм онда белгиленген 100 мақсетти толық ҳәм табыслы әмелге асырыў идеясы бар.

    Логотиптиң жоқары бөлегинде бахыт-ығбал, азатлық ҳәм тынышлық тымсалы есапланған Қумай қусы көринеди.

    Қумай қусына тутасқан үстинлер болса, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлери, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятлар, билимлендириў ҳәм тәрбия, мәмлекет ҳәм жәмийет тең салмақлылығының көриниси сыпатында сәўлеленген.

    Стратегия тымсалында жаңа редакциядағы Өзбекстан Конституциясында белгиленген «Жаңа Өзбекстан –социаллық мәмлекет» принципиниң белгиси сыпатында үш мүйешли форма элементинен де пайдаланған.

    Мустақиллик монументиниң ишки бөлегинде сәўлеленген жәмийет – Өзбекстан халқының образы болып есапланады. Соның менен бирге, ол беккем шаңарақ жәмийеттиң тийкарғы буўыны сыпатында бәрқулла жәмийет ҳәм мәмлекет қорғаўында екенлигин аңлатады.

    Илажда усылар ҳаққында кең түрде сөз етилип, бул стратегияны толық әмелге асырыўға пүткил район жәмийетшилиги аянбастан хызмет етиў зәрүрлиги атап өтилди.

    Адилбай Оразов,

    Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.


    No date selected
    January 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates