Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Халықаралық шәртнаманы тастыйықлаў ҳаққында"ғы қарары (ПҚ-108, 18.03.2025 ж.) қабыл етилди.
Қарарға бола, Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлер ҳүкиметлери арасында санлы экономика тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы келисим тастыйықланды.
Келисимге 2024-жыл 6-ноябрь күни Бишкек қаласында қол қойылған.
Перспективалы жойбарлар миллий агентлиги усы халықаралық шәртнаманы әмелге асырыў ушын жуўапкер болған ўәкилликли уйым етип белгиленди.
Министрлер Кабинети және тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары усы халықаралық шәртнама күшке киргеннен соң белгиленген тәртипте оның қағыйдаларының орынланыўы үстинен қадағалаўды тәмийинлейди.