Равшан Ирматов Ар-Риядта Азия футбол конфедерациясы Атқарыў комитетиниң мәжилисинде қатнасты

    Спорт 16 қазан 2025 462

    16-октябрь күни Саудия Арабстаны пайтахты - Ар-Рияд қаласында Азия футбол конфедерациясы Атқарыў комитетиниң 7-мәжилиси болып өтти. Мәжилисте Өзбекстан футбол ассоциациясының биринши вице-президенти Равшан Ирматов қатнасты.

    Мәжилисти АФЦ президенти Шайх Салмон бин Иброҳим Ал-Халифа басқарып барды. Қатнасыўшылар Азия футболының әҳмийетли мәселелери, регионда футболды буннан былай да раўажландырыў, ағза ассоциациялар арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў, регионаллық шөлкемлердиң жумысын жетилистириў, басқарыў ҳәм билимлендириў бағдарламаларында жаңа басламаларды әмелге асырыў мәселелерин додалады.

    Шайх Салмон өзиниң шығып сөйлеген сөзинде кейинги жылларда Азия футболы ерисип атырған жетискенликлерди атап өтип, конфедерация барлық ағзалар менен тилеклеслик руўхында ҳәрекет етиўди даўам еттиретуғынын, қыйын жағдайларда оларды қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтти.

    Мәжилисте ОФК ҳәм УЕФА арасында тренерлер таярлаў бойынша жаңа келисимлерге қол қойылды. Ҳүжжетлерде тренерлердиң маманлығын өз-ара тән алыў, тәжирийбе алмасыў ҳәм оқыў бағдарламаларын раўажландырыў нәзерде тутылған. Келисимлердиң әмел етиў мүддети 2029-жылға шекем етип белгиленди.

    Сондай-ақ, «AFC Equal Pitch» бағдарламасы тастыйықланды. Пляж футболы бойынша гезектеги еки Азия кубогин Таиландта өткериўге келисип алынды.

    Сондай-ақ, Атқарыў комитетиниң қарары менен «AFC Awards 2026» сыйлықлаў мәресими де Таиландта өткериледи.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates