Ол 2020-2024-жыллары Олий Мажлис Сенатының Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитети баслығы ўазыйпасында жумыс ислеген.
58 жастағы дипломат Н.Бауман атындағы Москва мәмлекетлик техника университети, Өзбекстан перзиденти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы ҳәм Джорджтаун университетин (АҚШ) тамамлаған.
Мийнет жумысын 1990-жылы Сыртқы экономикалық байланыслар министрлиги системасында (ҳәзирги ўақытта Инвестиция, санаат ҳәм саўда министрлиги) баслаған. Кейин Өзбекстан президенти аппараты, бас министр сектретариятында, Макроэкономика ҳәм статистика минитсрлигинде басқарма баслығы лаўазымларында ислеген. 2002-2008-жыллары Өзбекстанның Украинадағы елшиси ҳәм орынласлық тийкарында Молдовада елши, сондай-ақ, Франциядағы ҳәм орынласлық тийкарында Португалияда елши болып ислеген.
Равшанбек Алимов 2008-жылдан берли СИМ системасында. Өткен жыллар даўамында Москвадағы елшиханада мәсләҳәтши, орайлық аппаратта бөлим баслығы ҳәм басқарма баслығы лаўазымларында жумыс алып барған, деп мәлимлеме береди хабар.уз
2020-жылы сенатор етип сайланған. Олий Мажлис Сенатының Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитетиниң баслығы Равшанбек Алимов 2016-2024-жыллары Өзбекстанның Ашхабадтағы елшиси болып жумыс ислеген Акмал Қўчқоровтың орнына тайынланды.
Жаңадан тайынлаған елши инглиз, француз, рус ҳәм украин тиллерин жақсы биледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.