баннер
27 Mar 2025
05:16

    Район басшылары исбилерменлердиң жумыслары менен танысты

    Тақыятас районында мәҳәллелерде исбилерменлик пенен шуғылланып атырған исбилерменлердиң көргизбеси болып өтти.

    Онда район ҳәкими К.Айтбаев, тийисли тараў басшылары, ҳәким жәрдемшилери қатнасып мәҳәллелерде қусшылық, пал ҳәррешилик, гүлшилик, өнерментшилик пенен шуғылланып атырған исбилерменлердиң жумысы, қол өнерментшилик буйымлары менен танысып, олар менен жақыннан сәўбетлести.

    Илаж даўамында жуўапкерлер «Найман агро теплица» ыссыханысының жумысы менен жақыннан танысып, онда ислеўши жумысшылар менен сәўбетлести.

    Райондағы Найманкөл АПЖ аймағында жайласқан «Найман агро теплица» ЖШЖ тәрепинен 2028-жылы 3,8 миллион АҚШ доллары инвестиция есабынан Қубла Корея технологиясы тийкарында шөлкемлестирилген ыссыханада 60 қа шамалас жергиликли халық жумыс пенен тәмийинленген. Шөлкемлестирилген 8,5 гектар жер майдандағы ыссыханаға помидор егилип, бүгинги күнде ишки базарға ҳәм Россия мәмлекети менен қоңсылас Қазақстан республикасына экспортты жолға қойған.

    Кейинги мәнзил усы «Найманкөл» АПЖ аймағындағы Шарип Алламбергеновтың ыссыханасы болды. Ол үй қапталындағы қыйтақ жеринде түрли палыз өнимлериниң нәллерин жетистирип, жергиликли базарларға шығарып сатып, шаңарағына қосымша дәрамат таппақта. Соның менен бирге шаңарақ ағзалары пиллешилик пенен де шуғылланады.

    -Мәмлекетимизде исбилерменлер ушын кең имканиятлар жаратылған. Тек ғана сол имканиятлардан нәтийжели пайдаланып, мийнет етиў керек. Мине, бизлер шаңарақ ағзаларымыз бенен биргеликте қыстың күнлери бос отырмастан үй қапталындағы ыссыханамызға нәллерди көгертип, оны жетистирип, базарға шығарып сатып, қосымша дәрамат таўып отырмыз. «Ҳәрекетке-берекет», дегениндей дәраматымыз жақсы,-дейди Ш.Алламбергенов.

    Илаж барысында исбилерменлердиң искерлигин буннан былай да раўажландырыў, пуқаралардың исбилерменлик пенен шуғылланыўы ушын имканиятлар жаратып бериў бойынша басшылар тәрепинен тийисли жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    Телеграм каналымыз
    Text to speech