Республика Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары ең дәслеп районлық Абаданластырыў басқармасы жумыслары менен жақыннан танысып, бул жерде жаңадан шөлкемлестирилген ыссыханада алып барылып атырған ислерди көзден өткерди.

Буннан соң районлық тоғай хожалығы ыссыханасы ҳәм нәлханасының бүгинги жағдайы үйренилди. Соның ишинде, тоғай хожалығына жаңадан алып келинген техникалар ҳәм терек нәллерин жетистириў бойынша қолланылып атырған жаңа технологиялар менен жақыннан танысып, бул жерде әмелге асырылыўы лазым болған алдағы ўазыйпалар бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.

Соңынан Р.Нуразизов райондағы 2-санлы техникумына барып, бул оқыў дәргайында оқыўшы жасларды кәсипке бағдарлаў бойынша шөлкемлестирилген жумыслардың барысы менен танысты. Оқыў орнында оқыўшыларды бүгинги күни заманагөй ҳәм талап жоқары кәсиплерге оқытыў бойынша анық илажлар көрилиўи керек екенлиги атап өтилип, бул жерде кәсипке үйретиўдиң сапасын жақсылаў бойынша машқалалар да көрип шығылды.

Имаратта қосымша қурылыс жумысларын алып барыў ушын зәрүрли техникалық тийкарларды таярлаў бағдарындағы илажларды көриў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.