Рецепт өзи не?

Рецепт - бул шыпакер тәрепинен наўқастың кеселлигин емлеў ушин белгиленген дәри-дәрмақ ҳәм оның дозасын көрсетиўши рәсмий медициналық ҳүжжет. Усы жерде сораў туўылыўы мүмкин: не ушын усы ўақытқа шекем бундай рәсмий ҳүжжет болмаған? Әлбетте болған. Ол 107/У формасындағы рецепт бланки деп аталган. Бул бланка еки бөлимнен ибарат болып: бир бөлими наўқастың медициналық ҳүжжетлеринде (кеселлик тарийхында) сақланады; екинши бөлими дәриханада сақланады. Онда төмендеги мағлыўматлар анық ҳәм толық көрсетиледи:

• наўқастың аты-фамилиясы;

• жасы;

• жынысы;

• рецепт жазылған сәне;

• шыпакердиң аты-фамилиясы;

• имзасы;

• мөр;

• тек ғана бир дәри қуралының халықаралық патентленбеген атамасы (ИНН) латын тилинде;

• дәри-дәрмақ дозасы;

• қолланыў ҳәм қабыл етиў тәртиби.

Рецепттиң дәриханада қалатуғын бөлиминде болса жоқарыдағы мағлыўматларға қосымша фармацевттиң мағлыўматлары, берилген препараттың сериясы ҳәм де дәри толық яки бөлегин берилгени ҳаққындағы жазыўлар киргизиледи.

Рецептиң ўазыйпалары нелерден ибарат?

Көпшилик рецепттиң бирден-бир ўазыйпасы дәри жазып бериў деп ойлайды. Негизинде болса оның ўазыйпалары буннан әдеўир кең.

1. Емлеўди дурыс шөлкемлестириў: рецепттиң биринши ўазыйпасы - наўқасқа қайсы дәрилик зат, қанша муғдарда ҳәм қандай тәртипте қабыллаў кереклигин көрсетиў.

2. Наўқас руўхыятын қорғаў: рецепттиң екинши, жүдә әҳмийетли адамгершилик ўазыйпасы да бар. Айырым жағдайларда шыпакер наўқастың руўхый жағдайын есапқа алған ҳалда кеселликке байланыслы айырым қурамалы ямаса унамсыз медициналық мағлыўматларды толық жәрияламастан, оларды фармацевтке жеткереди. Медицинада наўқастың руўхый жағдайы ҳәм кейпияты емлеў нәтийжесине үлкен, айырым жағдайларда тийкарғы тәсир көрсететуғыны ҳеш кимге сыр емес. Сол себепли рецептлер көбинесе медициналық терминология ҳәм латын тилинде жазылады. Бул тилди тийкарынан медицина ҳәм фармацевтика қәнигелери түсинеди.

3. Қәтелердиң алдын алыў: рецепттиң үшинши ўазыйпасы - турпайы қәтеликлердиң алдын алыў. Шыпакер ҳәм фармацевт арасындағы еки басқышлы қадағалаў системасы надурыс дәри берилиўи ямаса қабыл етилиўи ақыбетинде жүз бериўи мүмкин болған аўыр жағдайлардың алдын алыўға хызмет етеди. Гейде әйне усы система бир инсанның өмирин сақлап қалыўы мүмкин.

Онда биз жыллар даўамында алып жүрген қағазлар не еди?

Енди өзиңизге сораў бериң:

• Мен усы ўақытқа шекем неше мәрте ҳақыйқый рецепт алдым?

• Шыпакер қолыма услатқан қағаз не еди?

• Ишинде 10-15 дәри жазылған қағаз да рецепт есапланама?

• Не ушын дәриханалар усы қағаз тийкарында маған дәри сатқан?

Жуўап әпиўайы.

Көпшилик "рецепт" деп атайтуғын қағазлардың үлкен бөлеги тийкарында 107/У формасындағы рәсмий рецепт емес, ал фармацевтлер арасында усыныс қағазы (Рекомендация) деп жүритилетуғын дәри-дәрмақлардың саўда атамасы дизими. Электрон рецепт системасы енгизилгенге шекем дәриханаларға мүрәжат еткен наўқаслардың шама менен 90-95 проценти әне усындай усыныс қағазлары менен келген. 107/У формадағы ҳақыйқый рецептлер болса тийкарынан кеселлик тарийхында көрсетилиўи зәрүр болған айырым жағдайларда ғана қолланылған. Айырым жағдайлар буннан тысқары. Солай екен, бүгин айырым жағдайларда айыплаўлар дәриханалар ямаса фармацевтлерге қаратылып атырған болса да, мәселеге қалыс қатнаста болыў керек. Себеби бул жағдайдың қәлиплесиўинде тек ғана фармацевт ямаса дәрихана айыпкер емес.

Машқаланың екинши тәрепи де бар!

Барлық ўатанласларымызға ҳүрмет сақлаған ҳалда соны айтыў керек, бизиң медициналық мәдениятымыз еле жетерли дәрежеде қәлиплеспеген. Ашшы болса да, тән алыў керек:

• көпшилигимиз өз организмимиздеги әҳмийетли органлардың жайласыўы ҳәм ўазыйпаларын толық билмеймиз;

• дәри қуралын қабыллаўдан алдын оның көрсетпесин оқымаймыз;

• кери тәсирлер бөлимине итибар бермеймиз;

• көбинесе дәрини қәниге усынысынан бола таныс-билислердиң мәсләҳәти менен қабыл етемиз.

Бүгинги күнде пүткил дүнья медицинасы 37-38° дене температурасы көп жағдайларда организмниң физиологиялық қорғаныў реакциясы екенин, бундай жағдайда биринши гезекте: көбирек суйықлық ишиў, таза ҳаўада болыў, сапалы ҳәм рационал аўқатланыў, витаминлестириў ҳәм иммунитетти қоллап-қуўатлаў сыяқлы илажлар әҳмийетли екенин атап өтеди. Бирақ биз гейде еле жасқа толмаған балаларға да күшли антибиотиклерди биймәлел қолланыўға таярмыз (ақыбети аўыр екенлигин билмеген ҳалда).

Егер барлық нормативлик ҳүжжетлер өз ўақтында ҳәм толық ислесе, итимал кеселликлер де, артықша емлеўлер де әдеўир аз болар еди. Буның арқасында тараўдағы "кеселлер" де азайған болар еди...

Не ушын фармацевт гейде барлық дәрилерди бермейди?

Әмелиятта сондай жағдайлар усыныс қағазында 10-15 дана, гейде болса бирдей тәсир механизмине ийе болған бирнеше препаратлар жазылады.

Бундай жағдайларда тәжирийбели фармацевт көбинесе:

• "Бул препарат керек емес";

• "Буны алыўдың кереги жоқ";

• "Бул дәрилик зат басқасының ўазыйпасын тәкирарлайды".

деген жуўмаққа келиўи мүмкин. Себеби, барлық фармацевтлер де тек ғана ақша, мәп ҳаққында ойламайды. Көпшилик фармацевтлер бәринен бурын кәсибиниң пидайылары болып, наўқастың саўалыўына үлес қосыўды, өз билим ҳәм тәжирийбеси менен жәрдем бериўди, саўап алыўды мақсет етеди. Әлбетте, айырым жағдайларда мәплер соқлығысыўы ямаса орынсыз усыныслар да ушырасып турады. Буны бийкарлап болмайды. Бирақ бундай жағдайларды пүткил тараў ўәкиллерине салыстырғанда улыўмаластырыў да әдилликтен емес. Сол себепли ҳәқыйқый фармацевтлер арасында "аптекашы" ҳәм "фармацевт" түсиниклери арасында парық бар екенлиги ҳаққында айтылады.

"Ески мектеп" ўәкиллери арасында бир даналық гәп бар: "Ҳақықый тәўип көби менен еки-үш дәри менен емлейди". Бир ўақытлары бул пикир маған да тартыслы болып көринген, мени де исендире алмаған. Бирақ тәжирийбе арттырған сайын соны аңладым, Ески мектептен кеширим сорайман! Көпшилик жағдайларда олар ҳақ болған. Емлеў нәтийжеси барлық ўақытта да дәри муғдарына байланыслы емес. Әҳмийетлиси - дурыс диагноз, ақылға уғрас таңлаў ҳәм индивидуал қатнас.

Денсаўлықты сақлаў системасы - шыпакер, фармацевт ҳәм наўқас арасындағы бирге ислесиў болып табылады. Бул жерде жуўапкершилик те, нәтийже де барлық тәреплерге байланыслы. Сол себепли, егер наўқас болып қалсаңыз, илажы барынша өз исиниң ҳақыйқый пидайысы болған қәнигелерге мүрәжат етиң.

Ең үлкен тилек болса биреў: Саламат болың. Сондай болың, бизлерге - шыпакерлер ҳәм фармацевтлерге илажы барынша кем жумысыңыз түсин.

Бул пикирлер бир фармацевттиң кәсиплик тәжирийбеси ҳәм бақлаўлары сыпатында қабыл етилиўин, кимниңдур көзқарасларына сәйкес келмесе, оны тек ғана автордың жеке көзқарасы сыпатында баҳалаўды сорап қаламан.

Нодирбек Синдаров,

фармацевт.