Яғный бүгин университет билим бериў менен шекленбейди. Студентти өз бетинше пикирлейтуғын, изертлейтуғын, жаңа идея жарататуғын, оны әмелиятқа енгизетуғын ҳәм мийнет базарында өз орнын таба алатуғын қәниге сыпатында қәлиплестириў ушын бир тутас орталық жаратыў зәрүр.
Усы жыл 11-сентябрьде Президентимиздиң
Алмазар районына сапары мине усы қатнастың әмелий көринисин көрсетти.
Сонлықтан, "Ёшлик" студентлер қалашасында санлы басқарыў ҳәм
қәўипсизлик системасы, жаңа инженерлик университети, “Startup Navigator” офиси,
жоқары билимлендириў тарийхы музейи, студентлердиң басламаларын қоллап-қуўатлаў
механизмлери ҳәм келешектеги инновациялық кластер ушын жаратылып атырған
орталық бир-биринен өз алдына жойбарлар емес. Оларды бирден-бир мақсет, яғный
студенттиң билим алыўы, излениўи, өз потенциалын жүзеге шығарыўы ҳәм жәмийетке
керекли қәниге болып қәлиплесиўине хызмет ететуғын экосистема сыпатында көриў
зәрүр. Бул бағдарда Алмазар районындағы тәжирийбе жоқары билимлендириў
системасын раўажландырыўдың жаңа басқышы ушын үлкен әҳмийетке ийе.
Студентке
мүнәсибет өзгермекте
Бир ўақытлары жоқары
билимлендириў дегенде, бәринен бурын, аудитория, сабақ ҳәм дипломды көз
алдымызға келтиретуғын едик. Студенттиң университетте қалай жасаўы, өзин қанша
қәўипсиз сезиўи, қәбилети қалай раўажланыўы, машқаласы қашан ҳәм қалай анықланыўы,
питкерип шыққаннан кейин қай жерде ислеўи сыяқлы мәселелерге бир-биринен узақ
процесслер сыпатында қаралды. Бүгин студентке мүнәсибеттиң өзи өзгермекте. Енди
биз ушын студент тек ғана билим алыўшы емес, оның билимлендириўи, қәўипсизлиги,
басламасы, илимий излениўи, бәнтлиги ҳәм келешектеги орны пүткил системаның
дыққат орайында турыўы керек.
Заманагөй басқарыў,
бәринен бурын, студент машқаласын алдыннан көре билиўден басланады. Бүгин
"Ёшлик" студентлер қалашасында енгизилген “Ситуациялық орайы” мине
усы ўазыйпаны орынлаўға хызмет етпекте. Орай Ташкент қаласының Мырза Улығбек
ҳәм Сергели районларында енгизилген санлы басқарыў тәжирийбеси тийкарында
қәлиплестирилди. Бул жерде 4 жоқары билимлендириў мәкемеси, 41 студентлер турақ
жайы, 110 нан аслам бақлаў камерасы, “SOS” түймелери, патруль хызмети
автомобильлери ҳәм басқа да объектлер бирден-бир интерактив санлы картаға
интеграцияланған. Нәтийжеде қалашадағы жағдайды онлайн бақлаў, оператив
мағлыўмат алыў ҳәм зәрүр илажларды өз ўақтында көриў имканияты жаратылды.
Алдын студент
ҳаққындағы мағлыўматлар түрли системаларда тарқалған ҳалда еди. Енди болса 68
мыңнан аслам студент бойынша мағлыўматлар бирден-бир реестрге бирлестирилип,
ҳәр бири ушын электрон карта қәлиплестирилмекте. Қатнас, жатақхана, социаллық
жағдай, мүрәжатлар ҳәм басқа да мағлыўматларды бир орталықта көриў имканияты
пайда болмақта. Әсиресе, "Қәўип" модули иске қосылыўы әҳмийетли. Ол
арқалы студенттиң социаллық жағдайындағы қәўиплер алдыннан анықланып, айрықша
итибар ҳәм қадағалаўды талап ететуғын топарлар қәлиплестириледи. Буның ушын
билимлендириў, ишки ислер, әдиллик, денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық қорғаў
тараўларындағы мәлимлеме системалары менен интеграцияланған мағлыўматлардан
пайдаланылмақта.
“Ситуациялық орайы”
тек ғана қәўипсизлик пенен шекленбейди. "Питкериўшилердиң бәнтлиги"
модули арқалы питкериўшиниң жумыс пенен тәмийинленгенлик жағдайын онлайн
бақлаў, жумысқа жайластырыў бойынша мәнзилли илажлар көриў имканияты
жаратылған. "ТТЖ" модули болса студентлер турақ жайларындағы орынлар,
бос ҳәм бәнт орынлар ҳаққындағы мағлыўматларды бир жерде көриў имканиятын
береди.
Студенттиң өзи де
бул системаның белсенди қатнасыўшысына айланады. "Қәўипсиз тәлим"
мобиль қосымшасы ҳәм “Call” орай арқалы оқыў процеси, коньтракт төлеми, сабақ
кестеси, жатақхана, инфраструктура ямаса басқа машқалалар бойынша мүрәжат етиў
мүмкин. Мобиль қосымшаға “SOS” түймеси қосылыўы болса ҳәр бир студенттиң
телефонын қосымша қәўипсизлик қуралына айландырады. Бул жерде және бир
әҳмийетли тәрепи бар: санлы система тек ғана оқыўшының қәўипсизлигин тәмийинлеў
емес, ал ата-ананың да перзентиниң билимлендириўи ҳәм күнделикли жағдайынан
хабардар болып турыўы ушын қосымша имканият жаратады. "Қәўипсиз
билимлендириў" мобиль қосымшасының ата-аналар ушын мөлшерленген имканиятлары
арқалы перзентиниң билимлендириў процеси, зәрүр жағдайларда оның қәўипсизлиги
ҳәм университетке байланыслы мәселелер бойынша мағлыўмат алыў имканияты нәзерде
тутылған.
Қалашада бир күнде
80 мыңнан аслам студент ҳәрекетлениўи мүмкин. Усы көзқарастан, "Ситуациялық
орайы" - үлкен социаллық орталықты инсан мәпи ҳәм қәўипсизлиги мақсетинде
басқарыўдың жаңа тәжирийбеси, студентти жақсырақ түсиниў, машқаланы алдыннан
көриў, қәўипти алдыннан анықлаў ҳәм тезирек қарар қабыл етиўге хызмет ететуғын
басқарыў модели.
Қамтып
алыўдан сапаға, сападан нәтийжеге
Бүгинги өзгерислерди дурыс
баҳалаў ушын, бәринен бурын, жоқары билимлендириў системасында реформалар
басланған дәўирдеги жағдайды еске алыў керек. Жоқары билимлендириў системасында
узақ жыллар даўамында қәлиплескен көзқараслар заман талапларына жуўап бериўде
қыйыншылық туўдырар еди. Қамтып алыў төмен, билимлендириў имканиятлары
шекленген, университетлердиң еркинлиги дерлик жоқ, билимлендириў, илим ҳәм
өндирис арасындағы байланыслылық болса бүгин биз күткен дәрежеде емес еди.
Сол себепли реформалар алдында
турған ўазыйпа әпиўайы емес еди. Гәп ҳәзирги системаны бираз жақсылаў ҳаққында
емес, ал жыллар даўамында топланған машқалаларды шешиў, жоқары билимлендириўди
кеңейтиў ҳәм оны сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў ҳаққында еди. Бүгин биз
ерисип атырған нәтийжелердиң әҳмийетин де әне усы көзқарастан баҳалаў керек.
Бул ўазыйпалар қандай көлемде
орынланғанын санлар көрсетип тур. Жоқары билимлендириў тараўына қаратылған
үлкен итибар, жаслардың келешеги, тәғдирине ғамхорлық ҳәм избе-из ҳәрекетлер
нәтийжесинде 2017-2026-жылларда студентлер саны 279 мыңнан 1,6 миллионға жетти.
Жоқары билимлендириў шөлкемлериниң саны 77 ден 205 ке, жаслардың жоқары
билимлендириў менен қамтып алыныўы 9 проценттен 44 процентке, илимий потенциал
болса 32 проценттен 52 процентке артты. Бул нәтийжелер системаның көлеми
өзгергенин көрсетеди. Енди алдымыздағы тийкарғы мәселе усы үлкен потенциалды
сапа ҳәм нәтийжеге айландырыўдан ибарат.
2026-жылы қабыл етилген жаңа
көзқараслар усы мақсетке қаратылған. Жоқары билимлендириўде билимлендириў,
тәрбия, изертлеў, коммерцияластырыў ҳәм системалы жетилистириўди өз-ара
байланыстыратуғын "5Т" модели қәлиплестирилмекте. Бул модельде
университет билим, изертлеў, инновация ҳәм экономикалық қун жарататуғын орай
сыпатында қаралады.
Соның ушын билимлендириўдиң
сапасы енди тек ғана аудиториядағы сабақлар ямаса имтихан нәтийжелери менен
емес, ал студент қандай билим ҳәм көнликпе менен питкерип атырғаны, қаншелли
еркин пикирлей алатуғыны, илимий излениўге таярлығы, инновациялық идеясын
әмелиятқа енгизе алыўы ҳәм мийнет базарында өз орнын табыўы менен баҳаланыўы
керек.
“ToshTech”: инженерлик билимлендириўинде
жаңа көзқарас
Бул қатнастың ең әҳмийетли
мысалларынан бири “ToshTech” техника университети болып есапланады. Университет
Президентимиздиң 2025-жыл 8-сентябрьдеги қарары тийкарында шөлкемлестирилди.
Жойбар баҳасы 69,5 миллиард сум болып, Ташкент мәмлекетлик техника
университетиниң 7 қабатлы оқыў имараты толық реконструкцияланып, заманагөй
лаборатория ҳәм оқыў үскенелери менен тәмийинленди. Университет академиялық,
финанслық ҳәм шөлкемлестириўшилик жақтан бийғәрез мәмлекетлик жоқары
билимлендириў мәкемеси сыпатында жумыс алып бармақта. 2030-жылға шекем Ташкент
мәмлекетлик техника университетиниң тийисли факультет ҳәм кафедраларын
басқышпа-басқыш жаңа инновациялық экосистемаға трансформациялаў нәзерде
тутылған.
“ToshTech”те билимлендириў толық
инглис тилинде шөлкемлестирилген. Шанхай Цзяо Тонг университети, Милан
политехника университети, Германияның “Constructor” университети ҳәм “Boston
Consulting Group” пенен бирге ислесиў жолға қойылған. Милан политехника
университети менен үш билимлендириў бағдарламасы бойынша исленбекте, Шанхай
Цзяо Тонг университети менен 2+2 ҳәм 3+1 бағдарламалары режелестирилген,
билимлендириў бағдарламаларын халықаралық аккредитациядан өткериў бойынша
“ASIIN” менен келисим бар.
Және бир әҳмийетли тәрепи,
студент биринши курстан-ақ реал санаат машқалалары менен ислейди. “ACWA”,
“UzAuto Motors”, "Ыссылық электр станциялары", "Аймақлық электр
тармақлары" сыяқлы кәрханалар менен бирге ислесиўдиң мазмуны да усыдан
ибарат. Бул тийкарында жоқары билимлендириў ҳәм мийнет базары арасындағы
аралықты қысқартыў болып есапланады.
2026/2027-оқыў жылы ушын
университетке 1654 абитуриент ҳүжжет тапсырғаны ҳәм олардың арасынан ең билимли
ҳәм қәбилетли 400 жас таңлап алынғаны бул модельге қызығыўшылық жоқары екенинен
дәрек береди. Дәслепки студентлердиң барлығы мәмлекетлик грант тийкарында билим
алмақта. Бул жаслар ушын берилген имканият пенен бирге, үлкен жуўапкершилик
болып есапланады. Мәмлекет билим алыў ушын шараят жаратса, студент бул
имканиятты билим, изертлеў, мийнет ҳәм нәтийже менен ақлаўы керек.
Тарийхты билген
әўлад келешекти жақсырақ қурады
"Ёшлик" студентлер
қалашасында Жоқары билимлендириў тарийхы музейиниң ашылыўы усы көзқарастан
әҳмийетли. Музейде Өзбекстандағы билимлендириў дәстүрлериниң тамырлары, Биринши
ҳәм Екинши Ояныў дәўирлери, жадид ағартыўшылары, XX әсирде университетлердиң
қәлиплесиўи, ғәрезсизлик жылларындағы өзгерислер ҳәм жаңа Өзбекстандағы жоқары билимлендириў
трансформациясы өз-ара байланыслы ҳалда көрсетиледи.
Экспозицияда Түркстан халық
университетинен баслап Орта Азия мәмлекетлик университети, Ташкент мәмлекетлик
университети ҳәм Өзбекстан Миллий университетине шекемги тарийхый процесслер
архив ҳүжжетлери, фотоматериаллар, инфографика ҳәм мультимедиа қураллары арқалы
сәўлелендириледи. Әсиресе, музейде жоқары билимлендириўдиң соңғы он жыллықтағы
өзгерислери көрсетилиўи студентлеримиз ушын әҳмийетли бир жуўмақты аңлатады:
бүгинги имканиятлар өз-өзинен пайда болған жоқ. Олар узақ тарийхый раўажланыў,
илимий мектеплер, ағартыўшылар мийрасы ҳәм кейинги реформалардың логикалық
даўамы болып есапланады.
Усы мәнисте тарийх музейи де
тәрбияның бир формасы, яд арқалы келешекти тәрбиялаў мектеби болып есапланады.
Биз студентке тек ғана қайсы кәсипти ийелеўди емес, ал өзи таңлаған кәсип ҳәм
илим тийкары қалай қәлиплескенин де түсиндириўимиз керек. Себеби бүгинги
университет бир күнде пайда болған жоқ. Оның артында әсирлер даўамында
қәлиплескен илимий пикирлеў, "устаз-шәкирт" дәстүри, ағартыўшылыққа
умтылыў ҳәм билимди қәдирлеў мәденияты бар. Мине, усы үзликсизликти сезинген
жас бүгинги имканиятын да, ертеңги жуўапкершилигин де тереңирек аңлайды.
Идеядан нәтийжеге шекемги жол
Заманагөй университеттиң және бир
әҳмийетли ўазыйпасы студенттиң илимий ҳәм инновациялық идеясын көриў, оны
қоллап-қуўатлаў ҳәм әмелиятқа алып шығыў ушын зәрүр орталықты жаратыў болып
табылады. Бүгин мәмлекетимизде 47 мыңнан аслам стартап ҳәм инновациялық
қолланба әмелге асырылмақта. Бул цифр жаслардың инновация жаратыў потенциалы
барған сайын артып атырғанын көрсетеди. Енди әҳмийетли ўазыйпа әне усы
потенциалды дурыс бағдарлаў ҳәм ҳәр бир перспективалы идеяның өз мәнзилине
жетип барыўы ушын имканият жаратыў болып табылады. Усы мақсетте қалашада
“Startup Navigator” офиси шөлкемлестирилмекте. Ол жаслардың идеяларын таңлап
алыў, оларды бар мәмлекетлик таңлаўлар, акселераторлар ҳәм қоллап-қуўатлаў
механизмлерине бағдарлаўда жәрдем береди. Яғный студент өз идеясы менен қай
жерге барыўды излеп ўақыт жойытпайды, оның басламасы кейинги басқышқа алып
шығылатуғын анық бағдарға ийе болады.
Негизинде инновациялық орталықтың қуны
тек ғана онда қанша идея пайда болып атырғаны емес, ал усы идеялардың қаншасы
жойбарға, жойбарлардың қаншасы реал өним, технология ямаса хызметке айланып
атырғаны менен белгиленеди. Соның ушын университетте жаратылған баслама
қағаздағы усыныс ямаса таңлаў ушын таярланған жойбар болып қалмаўы керек. Оның
артында илимий излениў, тәжирийбе, сынаў, бирге ислесиў ҳәм базарға шығыў имканияты
турған бир пүтин процесс болыўы зәрүр. Бул қатнас жоқары билимлендириўде
қәлиплесип атырған жаңа философияның әҳмийетли бөлеги. Университет енди тек
билим берип, илимий мақала таярлайтуғын орын емес. Ол жаңа билимди идеяға,
идеяны инновацияға, инновацияны болса экономикалық ҳәм социаллық қунға
айландыратуғын орталық болыўы керек. Сонда студент жаңа идея ҳәм жаңа қәдирият
жаратыўшы шахс сыпатында қәлиплесе баслайды.
Инновациялық кластер шөлкемлестириледи
"Ёшлик" студентлер
қалашасының 42 гектар аймағында IТ парк, жоқары технологиялы санаат ҳәм
билимлендириў объектлерин бирлестирген инновациялық кластер шөлкемлестирилиўи
режелестирилген. Мениңше, бул жерде әҳмийетли тәрепи тек ғана жаңа объектлердиң
қурылысында емес. Тийкарғы мәселе олардың бир-бири менен қалай
ислейтуғынлығында. Себеби заманагөй жоқары билимлендириў ушын өз алдына
аудитория, лаборатория ямаса технопарктиң өзи жетерли емес. Олар арасында
үзликсиз қозғалыс болыўы керек. Студент аудиторияда алған билимлерин
лабораторияда сынап көреди, лабораторияда пайда болған сораў оны изертлеўге
жетеклейди, изертлеў нәтийжеси жаңа идеяға, идея стартапқа, стартап болса
кәрхана ушын керекли өним яки технологияға айланады. Усы мәнисте, инновациялық
кластерди тек ғана бир неше объект жайласқан аймақ емес, билим ҳәм идеялар
ҳәрекетленетуғын орталық сыпатында түсиниў зәрүр. Бул жерде университет, илимий
орай, технологиялық компания, өндирис кәрханасы ҳәм студент бир-биринен
ажыралған ҳалда емес, бирден-бир процесс қатнасыўшысы сыпатында ҳәрекет етеди.
Бул қатнас “ToshTech”те жолға қойылып атырған инженерлик билимлендириўи,
“Startup Navigator” арқалы жаслардың идеяларын қоллап-қуўатлаў, илимий
лабораториялар ҳәм санаат кәрханалары менен бирге ислесиў сыяқлы басламаларды
да бирден-бир логикаға бирлестиреди. Яғный, студент ушын билимлендириў,
изертлеў, инновация ҳәм әмелият өз алдына басқышлар емес, ал бир-бирин даўам
еттиретуғын процесске айланады. Негизинде университеттиң аймағы қаншелли үлкен
екени емес, усы аймақта қанша билим жаратылып атырғаны, қанша идея сынақтан
өтип атырғаны ҳәм олардың қаншасы реал баҳасына айланып атырғаны әҳмийетли. Усы
көзқарастан, "Ёшлик" студентлер қалашасында қәлиплесип атырған
орталық жоқары билимлендириў, илим, технология ҳәм экономика арасындағы жаңа
байланыстың әмелий көриниси бола алады. Сонда студентлер қалашасы әпиўайы оқыў
ҳәм жасаў аймағынан жаслар билим алатуғын емес, билим жарататуғын, сынайтуғын
ҳәм оны турмысқа енгизетуғын экосистемаға айланады.
Алмазар тәжирийбеси нени көрсетпекте?
11-сентябрь күни Алмазарда көрилген
жумысларға өз алдына жойбарлар жыйындысы емес, ал жоқары билимлендириўдиң жаңа
модели қалай қәлиплесип атырғанын көрсететуғын бирден-бир система сыпатында
қараў әҳмийетли. Санлы басқарыў студенттиң қәўипсизлиги ҳәм күнделикли
орталығын жақсылаўға хызмет еце, “ToshTech” билимлендириўди санаат ҳәм мийнет
базары менен жақынластырады. “Startup Navigator” идеяны әмелий нәтийжеге алып
шығыў ушын имканият жаратады, музей болса билимлендириў ҳәм тәрбияның
үзликсизлигин тәмийинлейди. Инновациялық кластер бул процесслерди және де кең
орталықта бирлестириўи нәзерде тутылмақта.
Буның тийкарында бир әҳмийетли өзгерис
бар: биз жоқары билимлендириўде муғдарлық өсиў басқышынан сапа ҳәм нәтийже
басқышына өтип атырмыз. Енди университет жумысын усы орталықта қандай қәниге
қәлиплесип атырғаны менен баҳалаўымыз керек. Буның ушын университеттиң
академиялық ҳәм басқарыў еркинлиги, билимлендириў бағдарламаларының халықаралық
талапларға сәйкеслиги, илимий потенциал, санластырыў ҳәм жасалма интеллекттен
нәтийжели пайдаланыў, санаат пенен бирге ислесиў, питкериўшилердиң бәнтлиги
сыяқлы бағдарлар бир-биринен ажыратылмаўы зәрүр. Билимлендириўдиң сапасы мине
усы факторлардың бир ноқатта тутасыўы арқалы көринеди.
Халықаралық рейтинглер ҳәм
аккредитациялар усы процесстиң әҳмийетли қуралларынан. Бирақ оларды мақсеттиң
өзине айландырмаўымыз керек. Рейтинг университеттиң қай дәрежеде турғанын
көрсетеди, аккредитация болса билимлендириў процесиниң белгиленген
стандартларға муўапықлығын баҳалайды. Биз ушын ең әҳмийетли өлшем болса студент
университетке кирген күни менен оны питкерген күни арасында қандай өзгерис жүз
бергенлигинде.
Егер ол еркин пикирлейтуғын, кәсиплик
билим ҳәм көнликпелерге ийе, изертлейтуғын, жаңа идея усынысын әмелиятқа енгизе
алатуғын қәниге болып қәлиплессе, демек, университет өз ўазыйпасын орынлаған
болады. Усы мәнисте, "Ёшлик" студентлер қалашасында басланып атырған
жумыслар жоқары билимлендириўди жаңа мазмун, жаңа орталық ҳәм жаңа нәтийже
өлшемлери тийкарында шөлкемлестириў жолындағы әмелий қәдем болып есапланады.
Қоңыратбай ШАРИПОВ,
жоқары билимлендириў, илим ҳәм
инновациялар министри