- Қус ушса қанаты, адам жүрсе, аяғы күйетуғын шетки қалашамызда халқымыз жыллар даўамында әрман еткен жумыслар бүгин орынланбақта. Бул мәнзил район орайынан 350 километр узақта жайласқан. Жоллардың жаманлығы тек бул жерде жасайтуғынлардың ғана емес, ал халықаралық жолдан өтиўшилердиң де тийкарғы бас аўырыўы еди. Себеби, жолдың жаманлығы себепли автомашиналар тез-тез бузылып, баллоны жарылып, қалып кететуғын еди, - дейди Қоңырат районындағы "Қарақалпақстан" посёлка пуқаралар жыйыны баслығы Қутлы Ҳошимбетова. - Енди район орайынан мәнзилимизге шекем 3 саатта жететуғын болдық. Усындай үлкен ғамхорлықлар ушын Президентимизге миннетдаршылық билдиремиз.

Бүгин мәмлекетте болып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында сөз болғанда тек ғана пайтахт ямаса ири қалаларды емес, ал ең шетки аймақларды да тилге аламыз. Себеби, жаңа Өзбекстандағы реформалардың нәпеси ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир мәҳәлле, ҳәттеки ең алыс аўылға шекем жетип барыўы керек. Нөкис қаласынан 400 километр узақлықта жайласқан Қарақалпақстан қалашасындағы өзгерислер пикиримизди тастыйықлайды.

Аймақтағы қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары менен танысыў, қалаша турғынлары менен сәўбетлесиў ушын узақ жол басып, теп-тегис жол арқалы Қоңырат районындағы "Қарақалпақстан" қалаша пуқаралар жыйынына жетип келдик.

— Қалашамыз 2018-жылы "Абат аўыл" бағдарламасына киргизилип, үлкен өзгерислер әмелге асырылды. Көп жыллардан берли пайдаланылмай киятырған клуб имараты қайта оңланып, 165 орынлық саўлатлы мәденият сарайына айландырылды. Аймақтағы 26- ҳәм 56-мектеплерде түпкиликли оңлаў жумыслары орынланды. 23-ҳәм 29-бақшалар қайта оңланды. "Абат аўыл" бағдарламасы шеңберинде тигиўшилик цехы иске түсирилип, 60 ҳаял-қыз жумыслы болды, - дейди Қутлы Ҳошимбетова. — Буннан тысқары, жаслар ушын әжайып спорт залы қурылды. 67-шаңарақлық поликлиника заманагөй медициналық үскенелер менен толық тәмийинленди. Аймақ турғынлары ушын киши дийқан базары ҳәм темир жол вокзалы да қайта оңланды. Қалашамыз мәмлекетимиздеги ең абат мәнзиллерден бирине айланды, деп ойлайман. Себеби, халықтың көпшилиги жумыс пенен тәмийинленген. Мәҳәллемиз ишимлик суў, тәбийғый газ, электр энергиясы менен толық тәмийинленген.

Жақын-жақынға шекем бул аймақта жол жүриў турмыстың ең үлкен сынақларынан бири болып келген. Ҳәтте ең жақын Қоңырат районы орайына жетип барыў ушын 6-7 саат жол жүриў керек еди. Президентимиздиң басламасы менен қурылған А-380 "Ғузар - Бухара - Нөкис - Бейнеў" халықаралық жолы аралықты еки саатқа шекем қысқартты. Бул жол адамлардың узағын жақын етиў менен бирге аймақтың раўажланыўына да кең имканият ашты.

— Қалашамызда банк филиалы, байланыс бөлими бар. Асханалар, монша, дүканлар халқымыз хызметинде. Социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм майыплығы болған пуқараларға турақлы жәрдем көрсетилмекте, - дейди аймақтағы социаллық хызметкер Дилноз Базарбаева. - Қалашамызда майыплығы болған 62 шахс дизимге алынған.

Аймақтағы жаңаланыўлар менен танысыў барысында адамлар менен сәўбетлестик.

— Ҳәммеси бир қап уннан басланды. Жумыссызлық себепли хожалық жүргизиў ушын қарызға бир қап ун сатып алып, тандырда нан жаптық. Дәслепки исбилерменлигимизди усылай баслағанбыз. Әсте-ақырын жумысымызды кеңейттик, - дейди исбилермен Әлия Жекебаева. - 2019-жылы аўқатланыў шақапшасын аштық. Буның ушын банктен кредит алдық.

Мәмлекетимиз тәрепинен исбилерменликке жаратылған имканиятлар, салық ҳәм кредит жеңилликлери, өнимди базарға алып шығыўға байланыслы қолайлықлар бүгин Қарақалпақстанның ең шетки аўылларына шекем жетип барған. Бул болса әпиўайы адамлардың турмысында үлкен өзгерислер жасамақта. Жулдыз Избасарова усы имканиятлардан пайдаланып атырған белсенди исбилерменлердиң бири. Оның кондитерлик цехы киши болыўы мүмкин, бирақ режелери, мақсети үлкен. Бүгин оның киши кәрханасында 10 түрдеги кондитер өнимлери ислеп шығарылмақта. Ҳәттеки буйыртпа тийкарында қоңсылас Қазақстанға жеткерип берилмекте.

— Негизинде бул өнерди буннан 7-8 жыл бурын баслағанман. Үй шараятында мазалы затларды писиретуғын едим, - дейди Жулдыз Избасарова. - Мине исбилермен сыпатында дизимнен өтип, кондитерлик цехын аштым. Аймағымыз күн сайын раўажланбақта. Аўылымызда өзгерислер жүдә көп. Жағдайымыз күн сайын жақсыланып бармақта. Буны аймақ турғынларының кейпиятынан да билиў мүмкин.

Қалашаның ҳаял-қызлары - мийнеттен қашпайтуғын, имканиятты қолдан жибермейтуғынлардың тайпасынан. Олар ушын өмир тек ғана күтиў емес, ал ҳәрекет, умтылыў ҳәм өз үстинде ислеўден ибарат.

Исбилермен ҳаял Сулыўхан Берданова бос турған имаратты ижараға алып, тигиў цехын ашты. Қалашадағы жумыссыз ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинледи. Соның менен бирге, тигиўшиликти үйретиў ушын оқыў курсларын да шөлкемлестирген.

— Бул тигиў цехында 2 жылдан берли ислеп атырман. Алдын үйде жумыссыз, үш баламның тәрбиясы менен бәнт едим, - дейди Муҳаббат Жумабаева. - Исбилермен Сулыўхан Берданова мени шәкиртликке алып, өнер үйретти. Кейин болса жумысқа қабыллады. Бүгин мен тек ғана кәсипли емес, ал жумыслы да болдым. Турмысқа болған көзқарасларым өзгерди.

Батырбай Тенгелов негизи нөкисли. Бүгин үйинен 400 километр узақта - Қарақалпақстан посёлкасындағы мектепте инглис тилинен сабақ бермекте. Соның менен бирге, шет тилин терең үйрениўшилер ушын репетиторлық курсын ашқан. Өмирлик жолдасы Жансулыў Ақсултанова да усы мектепте математикадан сабақ береди.

Аймақ халқы ушын медициналық хызмет ең әҳмийетли мәселе еди. Бул жерде заманагөй туўыў үйиниң қурылысы басланған. Бул ҳәрекет ана ҳәм бала саламатлығын қорғаўда әҳмийетли қәдем болды.

— Поликлиникамыз ең заманагөй үскенелер менен тәмийинленген, лаборатория ханалары, күндизги ҳәм кешки стационар хызмети бар, - дейди шыпакер Жамила Уразалиева. - Алдын аймағымызда туўыў үйи болмағаны ушын, ҳәмиледар ҳаялларды 350 километр узақлықтағы район орайына бир ҳәпте алдын жибериўге мәжбүр болатуғын едик. Енди шаңарақлық поликлиникамыз жанында заманагөй туўыў үйи қурылмақта.

Ҳақыйқатында да, Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўында Қоңырат районы аймағында халықаралық әҳмийеттеги "А380 "Ғузар - Бухара - Нөкис - Бейнеў" автомобиль жолында 240 километрлик цемент-бетон қапламалы жаңа жол қурылысы Қарақалпақстан қалашасы турмысында жаңа дәўирди баслап берди.

Қалашаға сапарымызды жуўмақлап, тегис жол менен изге қайттық. Узыннан-узақ тегис жолда бесикте тербелген нәрестедей шайқалып, 5 саатта мәнзилге жетип келдик. Жол-жөнекей бурынғы жағдайды көз алдымызға келтирип, бүгинги күнимизге ишимизден шүкиршилик еттик.

Және бир жаңалық тарқалды. Президентимиздиң усы жыл 14-августтағы "Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажларды буннан былай да жеделлестириў ҳаққында"ғы қарарына муўапық А-380 "Ғузар - Бухара - Нөкис - Бейнеў" халықаралық әҳмийетке ийе автомобиль жолының Қарақалпақстан Республикасы аймағынан өтетуғын бөлегинде 3 жол бойы сервис объектиниң қурылысы ҳәм таяр бизнес түринде реализацияланыўы тәмийинленеди.

Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы