Ушырасыўда университети ректоры, академик Ахмед Реймов, проректорлар, бөлим баслықлары, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар қатнасты. Илаждан гөзленген мақсет студент-жаслардың машқала ҳәм усынысларын тыңлаў, олардың талап ҳәм мүтәжликлерин қанаатландырыў, сондай-ақ, университет турмысындағы әҳмийетли мәселелерди додалаўдан ибарат болды.
Ушырасыў алдынан университет тәрепинен алып барылып атырған жумыслар, студент-жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы илажлар ҳаққында таярланған видео ролик жыйналғанлардың нәзерине усынылды. Буннан соң, университет ректоры А.Реймов шығып сөйлеп, жаслардың илим тараўындағы жетискенликлери, жәмийетлик турмыстағы белсендилиги ҳәм олардың мәмлекеттиң раўажлыныўындағы орнына айрықша тоқтап өтти. Сондай-ақ, «Бүгинги жаслар – ертеңги күнимиздиң тийкары, олардың ҳәр бир басламасы ҳәм умтылысы биз ушын әҳмийетли. Сонлықтан да университетимиз администрациясы ҳәр бир студенттиң пикирин тыңлаўға, машқалаларын шешиўге таяр,» – деди ректор А.Реймов.
Ушырасыў даўамында студент-жаслар өзлерин қызықтырған сораўлар менен мүрәжат етти. Тийкарынан билимлендириўдиң сапасын арттырыў, сабақ процесслерин инновациялық технологиялар жәрдеминде жетилистириў, илимий жойбарларда қатнасыў имканиятларын кеңейтиў, спорт ҳәм мәденият илажларын көбейтиў сыяқлы мәселелер додаланды. Ушырасыўда студентлер тәрепинен китапхана фондын кеңейтиў, қосымша дөгереклерди шөлкемлестириў, жаңа магистратура қәнигеликлерин ашыў, спорт ҳәм мәденият илажларын көбейтиў сыяқлы мәселелер әтирапында сораўлар ҳәм усыныслар билдирилди.
Ректор барлық сораў ҳәм усынысларды итибар менен тыңлап, оларға жуўап берди. Айырым мәселелер орнында шешилди, айырымлары бойынша тийисли бөлимлерге тапсырмалар берилди. Атап айтқанда, келеси оқыў жылына университетте жаңа студентлер турақ жайының пайдаланыўға тапсырылатуғынлығы, қосымша спорт дөгереклери ҳәм шет тиллери курсларын шөлкемлестириў, китапхана фондын жаңа әдебиятлар менен байытыў режелестирилип атырғанын мәлим етти.
Илаж соңында ректор А.Реймов барлық студент-жасларды өз умтылыслары ҳәм басламалары менен университеттиң раўажланыўына үлес қосыўға шақырды. Сондай-ақ, университет администрациясы жаслардың ҳәр қандай машқала ҳәм усыныслары менен ашық-айдын сөйлесиўге таяр екенин және бир мәрте атап өтти.
«Ректор ҳәм жаслар» ушырасыўы студентлер ҳәм басшылар арасында қызғын пикирлесиў орталығын жаратқан ҳалда, келешектеги режелерди белгилеп алыў ушын әҳмийетли платформа болды. Бундай илаж жаслардың белсендилигин арттырыўға ҳәм университет турмысында және де белсене қатнасыўына хызмет ететуғыны сөзсиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.