Ҳүжжетте "Россиядағы сырт ел пуқараларының ҳуқықый статусы ҳаққында"ғы нызамға өзгерислер киргизиў нәзерде тутылған. Жойбар бойынша,
- мийнет мигрантлары өзлери ҳәм Россияда өз қарамағындағы шаңарақ ағзалары ушын белгиленген аванс салығын төлеўге мәжбүр болады. Мигрант ҳәм оның шаңарағының мәмлекетте қалыў мүддети олардың мийнет шәртнамасы мүддетине байланыслы.
- 18 жасқа толған сырт ел пуқараларының перзентлери, егер мәмлекетте қалыў ушын басқа нызамлы тийкарлары болмаса, Россия Федерациясынан 30 күн ишинде шығып кетиўи шәрт.
Нызам жойбарында, сондай-ақ, мигранттың дәраматы ҳаққында мағлыўматлар болмаса ямаса оның мийнет ҳақысы шаңарақ ағзаларын есапқа алған ҳалда жасаў минимумынан төмен болса, патент ямаса жумыс бериў рухсатнамасын бийкарлаў ушын жаңа тийкарларды көрип шығыў белгиленген.
Жоқары маманлықтағы қәнигелер ушын айрықша талапларды белгилеў усыныс етилмекте. Бундай жумысшылардың көпшилиги ушын ең кем мийнет ҳақы айына
-717 мың рублди қураўы керек.
- Аккредитациядан өткен компаниялардағы шыпакерлер, оқытыўшылар, илимпазлар ҳәм IТ қәнигелери ушын - 358,5 мың рубль.
Сондай-ақ, ўақтынша жасаў рухсатнамасы ямаса турақлы жасаў рухсатнамасы болған сырт еллилер ушын қағыйдаларды күшейтиў усыныс етилмекте. Егер шахс бир жылда он айдан аз ислеген болса, ҳүжжетлер берилмеўи ямаса бийкар етилиўи мүмкин, деп хабар береди Kazinform.