Россия Президенти Өзбекстан Президентин туўылған күни менен қызғын қутлықлады

    24-июль күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўде Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти туўылған күни менен қызғын қутлықлады.

    Оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм мәмлекет басшысы сыпатындағы жумысында табыслар тиледи.

    Жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан-Россия кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

    Өз-ара товар алмасыў көрсеткишлериниң өсиў пәтин сақлап қалыў, жетекши кәрхана ҳәм компаниялардың санаат, энергетика, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тийкарғы бағдарлардағы кооперация жойбарларын алға қойыў, еки мәмлекет аймақларының нәтийжели бирге ислесиўин кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

    Жедел мәдений-гуманитарлық алмасыўлар даўам етип атырғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

    Өзбекстан ҳәм Россия жетекшилери болажақ илажлардың режесин де көрип шықты.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates