Россия өткен жыллар даўамында Кубаға бир неше мәрте нефть жеткерип берген ҳәм буннан кейин де жеткерип береди, деди Россияның Кубадағы елшиси Виктор Коронелли. Бул ҳаққында Reuters. жазбақта.

Биз бул әмелият даўам еттирилетуғынынан келип шықпақтамыз", - деди ол.

Екшемби күни Трамп Қурама Штатлар "Кубадағы жоқары лаўазымлы шахслар" менен сөйлесиўлерди баслағанын айтты.

Бир неше күн алдын ол Кубаны АҚШтың миллий қәўипсизлигине "айрықша қәўип" деп жәриялады ҳәм коммунистлер басқарып атырған атаўға нефть жеткерип берген ҳәр қандай мәмлекетке бажы төлеў менен қәўип салды.

Америка Қурама Штатлары Кубаға ҳәр қандай нефть жеткерип бериўди, соның ишинде, аўқамлас Венесуэладан нефть жеткерип бериўди блоклаў илажларын көрди, бул болса азық-аўқат ҳәм транспорт баҳаларының артыўына алып келди, сондай-ақ, күшли жанылғы жетиспеўшилиги ҳәм ҳәтте мәмлекет пайтахты Гавана қаласында да саатлап электр энергиясының өшиўине себеп болды.

Бизге белгили, АҚШ жетекшиси январь айының басында АҚШ әскерлери Венесуэла президенти Николас Мадурони қолға алғанынан кейин Кубаға көбирек итибар қаратты.

Куба АҚШ пенен қатнасықлардағы кескинлик себепли "халықаралық айрықша жағдай" жәриялады, деп жазбақта korrespondent.net.