баннер
25 Apr 2025
07:49

    Россияның ири жумыс бериўшилери менен шәртнамаларға қол қойылды

    “ANT YAPI”, “ОЗОН КОМЬЮНИТИ”, “ПЭК” ҳәм “СПАР МИДЛ ВОЛГА” сыяқлы компанияларға 7000 ўатанласымыз шөлкемлескен тәризде жумысқа жайластырылады. Февраль айында аймақларда талабанларды сайлап алыў илажлары болып өтеди.

    Өзбекстанның Москвадағы елшиханасында Миграция агентлигиниң директоры Беҳзод Мусаев Россияда жумыс алып барып атырған 20 ға шамалас ири компаниялардың басшылары менен ушырасыў өткерди.

    Сөйлесиў тәреплер ушын нәтийжели болды. Жуўмағында “ANT YAPI”, “ОЗОН КОМЬЮНИТИ”, “ПЭК” ҳәм “СПАР МИДЛ ВОЛГА” компаниялары менен 7000 ўатанласымызды усы компанияларға шөлкемлескен тәризде жумысқа жайластырыў бойынша бирге ислесиў шәртнамаларына қол қойылды.

    Бул компаниялардың жумысшыларға жаратқан шараятлары, айлық мийнет ҳақылары толық үйренип шығылды. Февраль айында аймақларда талабанларды сайлап алыў илажлары болып өтеди.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech