Баҳрайнда жуўмақланып атырған аўыр атлетика бойынша жәҳән чемпионатында Өзбекстан сайланды командасы өз қатнасын жуўмақлады.
Журтласларымыздың шығыўына Олимпиада чемпионы Руслан Нурудинов әжайып ноқат қойып берди.
-109 кг салмақ категориясында қатнасқан жерлесимиз бирден көтериў шынығыўында 182 кг менен бесинши орынды ийелеген болса да, силкип көтериў бағдарламасында жоқары шеберлик көрсетип, 242 кг менен 3 жыл алдын Ташкентте өзи орнатқан жәҳән рекордын жаңалаўға еристи. Усы тәризде оның улыўма есапта жаздырған 424 кг нәтийжесин ҳеш бир спортшы жаңалай алмады ҳәм Нурудинов үшинши мәрте еки гүрес бойынша жәҳән чемпионлығына еристи.
Бирден көтериў бағдарында алтын медалға ийе болған Шарофиддин Амриддинов силтеўде 212 кг менен алтыншы, улыўма есапта болса 396 кг менен бесинши болды. Соған қарамастан, барлық бағдарларда алтын медаллар Өзбекстан сайланды командасы ўәкиллерине несип етти. Усы тәризде, Өзбекстан сайланды командасы усы жәҳән бириншилигин 3 алтын, 1 гүмис ҳәм 2 бронза медаллары менен жуўмақлады.