Шығындыларды басқарыў ҳәм циркуляр экономиканы раўажландырыў агентлиги бул илаж төмендегилерге қаратылғанын атап өтеди:
халық ушын қолайлы төлем системасын жаратыў;
биллинг есапбетлерин жүргизиўдиң ашық-айдынлығын тәмийинлеў;
коррупциялық көринислердиң алдын алыў.
Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы барлық санитариялық тазалаў кәрханаларына тийисли көрсетпелер жиберилген.
Мағлыўмат ушын: Өзбекстан Республикасының 2025-жыл 7-марттағы 1044-санлы Нызамына муўапық, қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм тасып шығарыў ушын төлем қарыздарлығы тутыныўшыны СМС арқалы хабардар еткен ҳалда жүзеге келгенде, қарыздарлық толық төленгенге шекем электр энергиясы ушын төлемлерди қабыл етиў ўақтынша тоқтатылыўы мүмкин.
Бул илажлар Президенттиң 2024-жыл 4-январьдағы 5-санлы ҳәм 2025-жыл 24-марттағы 56-санлы қарарларына муўапық әмелге асырылып, төлемлерди қабыл етиў ҳәм абонентлик есап-санағын жүргизиў тек ғана төмендегилер арқалы әмелге асырылады:
"Таза мәкан" агентлигиниң биллинг системасы;
электрон төлем системалары;
айрықша жағдайларда, алыс аймақлардағы интернет байланысы болмаған елатлы пунктлер ушын - коммерциялық банклердиң кассалары ҳәм "Өзбекстан почтасы" АЖның бөлимлери арқалы.
Сондай-ақ, Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 16-октябрьдеги 648-санлы қарарына муўапық, экосанаат зоналарындағы санитариялық тазалаў кәрханалары, шығындыларды қайта жүклеў пунктлери, полигонлар, шығындыларды жағыў заводлары ҳәм исбилерменлик субъектлери менен есап-санақлар Қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығып кетиў хызметлери ушын физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден келип түскен қаржылар есабынан төлеў тәртиби ҳаққындағы реже тийкарында әмелге асырылады.









