Бирақ, таллаўлар соны көрсетеди, республикамызға жеңил автомобиллердиң түри тастыйықланбаған ҳалда импорт етилип, оларды жеке тәртипте сынақтан өткериў зәрүрлиги пайда болған.

2024-жылға шекем мәмлекетимизде тек ғана 3 дилерлик орайы жумыс алып барған болып, олар тек ғана 15 автомобиль моделиниң түрин тастыйықлаў ҳүжжетлерин алған. Ҳәзирги күнде болса Өзбекстанда 21 сырт ел компаниясының рәсмий дилерлери жумыс алып бармақта, олар 100 ден аслам автомобиль моделлериниң түрин тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди рәсмийлестирген.

Бул арқалы тутыныўшыларға сертификатланған, қәўипсиз ҳәм кепилликли автотранспорт қуралларын жеткерип бериў системасы жетилистирилди. Енди пуқаралар рәсмий дилерлерден ҳәр қыйлы маркадағы автомобиллерди сатып алыўы мүмкин.

Усы мүнәсибет пенен рәсмий дилерлер ҳәм сервис орайлары санының сезилерли дәрежеде көбейип атырғанын, сондай-ақ, сатып алыўшылардың тек ғана рәсмий дилерлер менен қатнасыў әмелиятының енгизилип атырғанын есапқа алып, 2025-жыл 2-сентябрьден баслап Пискент автополигонында автомобиллерди сынақтан өткериў әмелияты сапластырылады.

Мағлыўмат ушын, Өзбекстанға импорт етилип атырған автомобиллердиң сапасы ҳәм қәўипсизлиги турақлы қадағалаўға алынады. Бундай автотранспорт қураллары бойынша насазлықлар анықланған ямаса тутыныўшылардан мүрәжатлар келип түскен жағдайда зәрүр илажлар көриледи.

Пуқараларға автомобиллерди тек ғана рәсмий дилерлерден сатып алыў усыныс етиледи.