Бул ҳаққында Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң баспасөз хызмети хабар бермекте.
Ҳүжжетлерди қабыллаў 2025-жыл 25-сентябрьден 3-октябрьге шекем (сол күни де) my.uzbmb.uz сайты арқалы әмелге асырылады.
Таңлаўда 2025-жылғы кириў имтиханларында 56,7 ҳәм оннан жоқары балл топлаған, бирақ оқыўға усыныс етилмеген, сондай-ақ, дизимнен өтиўдиң екинши басқышында ЖОО ҳәм тәлим бағдарын таңламаған абитуриентлер қатнасыўы мүмкин.
Тийкарғы шәртлер:
- дизимнен өткериў онлайн тәризде әмелге асырылады;
- оқыўға қабыл етиўде топланған баллардың избе-излиги қатаң есапқа алынады;
- базалық контракт тийкарында оқыўға қабыл етиледи;
- дизимнен өтиўде тийисли пәнлер комплекси бойынша бакалавриат бағдарын таңлаў имканияты бериледи;
- таңлаў жуўмақлары 2025-жыл 8-октябрьге шекем жәрияланады, кейин ала дизимлер қабыллаў ҳүжжетлерин рәсмийлестириў ушын жоқары оқыў орынларына жибериледи.
Бос орынлар қалған бакалавриат тәлим бағдарларының дизими Билим ҳәм маманлықты баҳалаў агентлигиниң рәсмий веб-сайтында жәрияланады.