Бундай шараятта, биринши гезекте, хожалықлар ҳәм социаллық тараў объектлерин тәбийғый газ бенен турақлы тәмийинлеў тийкарғы ўазыйпалардан бири болып есапланады.
Усы мүнәсибет пенен хожалықлар ҳәм социаллық тараў объектлерин тәбийғый газ бенен турақлы тәмийинлеў мақсетинде жергиликли ҳәкимликлер менен келисилген реже-графиклер тийкарында "метан заправка"ларының жумысына ўақтынша шеклеў киргизилмекте.
Усы жылдың 8-январынан "метан заправка"лары саат 10:00 ден 16:00 ге шекем жумыс баслайды.
Ферғана ойпатлығында "метан заправка"ларының жумыс ўақты ҳәкимликлер менен келисилген ҳалда газ басымы менен белгиленеди.
Буның тийкарғы себеби - министрликлер ҳәм ҳәкимликлер тәрепинен газ басымы төменлеген дәўирде тәбийғый газ (жанылғы) бенен биринши гезекте халықты, жәмийетлик транспорт ҳәм социаллық тараў объектлерин үзликсиз тәмийинлеў болып есапланады. Яғный, жәмийетлик транспорттың турақлы ислеўи, социаллық әҳмийетке ийе объектлер ҳәм халықтың талапларын қанаатландырыў тийкарғы ўазыйпа болып есапланады.
Соның ушын газ тәмийнатының улыўма жағдайынан, басым дәрежеси ҳәм тутыныў көлеминен келип шығып, "метан заправка"лардың жумыс тәртиби жергиликли ҳәкимликлер менен келисип алынады. Бул илаж газ ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм турақлы тәмийнатты тәмийинлеў мақсетинде әмелге асырылады.
Атап өтилиўинше, бул зәрүр илажлар ўақтыншалық болып, газ басымын нормалластырыў бойынша әмелий жумыслар алып барылмақта.