Атап өтилиўинше, бул рет сабляшыларымыз командалық бағдарламада минберге көтерилди.

Дәслепки басқышта Макаоны 45:15 жеңген жерлеслеримиз шерек финалда Қытайдан 45:43 есабында үстемлик етти.

Бирақ маўасасыз өткен ярым финал беллесиўинде Японияға 44:45 есабында имканият қолдан берилди. Үшинши орын ушын болып өткен беллесиўде болса Гонконг 45:39 есабында жеңилди.