Өткерилип атырған илажлар миллий тарийхымызды жоқары қәдирлеў, жас әўладты тарийхый пикирлеў, миллий мақтаныш ҳәм пуқаралық руўхында тәрбиялаўға хызмет етпекте. Ҳәр бир илаж Саҳыпқыран Әмир Темурдың мийрасын жас әўлад санасына мөрлеп, қәдириятларымызды беккемлейди.
Усы мүнәсибет пенен Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында да салтанатлы илаж өткерилди.
Илажды филиал директоры А.Есимбетов ашып берип, жыйналғанларды қызғын қутлықлап, Саҳыпқыран Әмир Темур мийрасының бүгинги жас әўлад ушын әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти.
Илажда мийман сыпатында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Тарийх кафедрасы профессоры Б.Турғанов ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети докторанты Т.Қалимбетов қатнасты.
Олар Әмир Темурдың тарийхый роли, миллеттиң раўажланыўындағы орны ҳәм пуқаралық сананы қәлиплестириўдеги әҳмийети ҳаққында пикирлери менен ортақласты ҳәм оның мәртлик, данышпанлық ҳәм әдиллик принциплери және стратегиялық ой-пикирлери жасларды миллий мақтаныш, жуўапкершилик ҳәм пуқаралық руўхында тәрбиялаўда әҳмийетли екени атап өтилди.
Сондай-ақ, олар тарийхый билимлерди жоқары қәдирлеў ҳәм Ўатан мәплерин қорғаў тәжирийбесин бүгинги күн басқарыўы ушын да үлги сыпатында баҳалады.
Атап өтилгениндей, Саҳыпқыран Әмир Темурдың тарийхый мийрасын жоқары қәдирлеў, жас әўладты сол руўхта тәрбиялаўда үлкен руўхый ҳәм ағартыўшылық әҳмийетке ийе.
Илаж даўамында студент-жаслар да белсене қатнасып, мазмунлы сораўлар берди, өз пикирлерин еркин билдирди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.