"Ташкент тез пәт пенен өсип атыр ҳәм биз бар болған қала қурылысы
ҳәм экологиялық қәўип-қәтерлерди есапқа алған ҳалда оның келешеги қандай
болатуғыны ҳаққында көбирек ойланып атырмыз", - деп хабар берди Саида
Мирзиёева социаллық тармақлардағы бетинде.
Оның атап өтиўинше, усы мүнәсибет пенен бир қатар ири архитектуралық
жойбарлардың интакерлери, ғәрезсиз қәнигелер ҳәм урбанистлер, жетекши
қәнигелескен студиялар ҳәм жоқары оқыў орынларының ўәкиллери менен ушырасыў
өткерилди.
"Биргеликте инженерлик коммуникациялары ҳәм социаллық объектлерге
жүклемеден баслап, энергия ҳәм суў тәмийнаты мәселелерине шекем көплеген
ўазыйпаларды шешиўимиз керек.
Жаңа қурылыслар қаланы раўажландырыўы керек, қосымша дисбаланс келтирип
шығарып, оның системаларына артықша жүклеме түсирмеўи керек", - деп атап
өтти ол.
Саида Мирзиёева
алдында еле көплеген ўазыйпалар турғанын атап өтип, Ташкентти және де жақсы,
гөззал, таза ҳәм халық ҳәм мийманлар ушын қәўипсиз етиўге ҳәрекет етип атырған
бизнести қоллап-қуўатлаўға таяр екенин билдирди.
"Ўазыйпалар
көп, биз Ташкентти және де жақсы, гөззал, таза ҳәм барлық халық ҳәм мийманлар
ушын қәўипсиз етиўди қәлеген бизнеске жәрдемлесемиз. Жаңа Өзбекстанның
сиясатына да усы сәйкес келеди. Себеби, бундай бизнести ҳәр тәреплеме
қоллап-қуўатлаў ҳәм жәрдем бериў Президентимиздиң тиккелей алдымызға қойып
атырған ўазыйпасы", - деп жуўмақлады Президент Администрациясы басшысы.