Саида Мирзиёева елимизде даўаланып атырған палестиналы балалардан хабар алып, Президенттиң сәлемин жеткерди

    31 желтоқсан 2024 266

    Президент жәрдемшиси Саида Мирзиёева Жаңа жыл алдынан елимизде даўаланып атырған палестиналы балалардан хабар алып, Шавкат Мирзиёевтиң сәлеми менен жақсы тилеклерин жеткерди.

    «Жаңа жыл алдынан елимизде даўаланып атырған палестиналы балалардан хабар алдым. Президентимиздиң сәлемин ҳәм ең жақсы тилектерин жеткердим.

    Сонша қыйыншылықларға қарамай, олардың қәлбинде пәклик ҳәм тынышлық қәлеўин сақлап қалғаны шыннан да таң қаларлы. Итибар ҳәм мийримли сөзлери олардың кеўилинде жарқын келешекке исеним оятады деп ойлайман.

    Оларға ҳәм жапакеш Палестина халқына тынышлық ҳәм абаданлық тилеймиз»-деп жазды Саида Мирзиёева өзиниң телеграм каналында.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates