Саида Мирзиёева Ургут қаласына келди

    18 желтоқсан 2025 187

    Өзбекстан Президенти Администрациясының басшысы Саида Мирзиёева Ургут қаласында болып, Өзбекстан-Тәжикстан шегарасында саўда-логистика ҳәм медицина орайларын шөлкемлестириў жойбары менен танысты.

    Саида Мирзиёева Самарқандтан жаңа темир жол арқалы Ургут қаласында болды. Ол өзиниң телеграм каналында бул темир жол инфраструктураның әҳмийетли элементине айланатуғынын ҳәм еркин экономикалық зонаның қәлиплесиўине хызмет ететуғынын атап өтти.

    "Өзбекстан-Тәжикстан шегарасында саўда, логистика ҳәм медицина орайларын шөлкемлестириў жойбары менен таныстым. Тийкарғы мақсет - аймақты транзит ноқатынан экономикалық жумыстың толық локализациясына айландырыў.

    Жаңа логистика орайы суткасына 100 жүк машинасына хызмет көрсетиўге мөлшерленген. Онда логистика тек ғана тасыў ўазыйпасын емес, ал өнимниң қосымша қунын арттырыў имканиятын да береди. Бажыхана тәртип-қағыйдалары ашық-айдын болады, ҳүжжетлерди рәсмийлестириў тез болады.

    Сондай-ақ, күнине 200 ге шамалас наўқасқа хызмет көрсетиў имканиятына ийе диагностика орайы ҳәм 800 исбилерменге жумыс орнын жаратыў имканиятына ийе саўда орайының қурылыўы режелестирилген.

    Жойбардың әмелге асырылыўы Тәжикстан пуқараларына паспорт қадағалаўынан өтпестен, артықша ҳүжжетлерсиз ҳәм узақ нәўбетлерде турмастан саўда ҳәм медициналық хызметлерден пайдаланыў имканиятын береди, бул болса трансшегаралық бирге ислесиўди сезилерли дәрежеде әпиўайыластырады ҳәм аймақлар арасындағы экономикалық байланысларды күшейтеди", деп жазған Президент Администрациясының басшысы.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates