Тәреплер жоқары дәрежедеги өз-ара исеним ҳәм жедел сөйлесиўге тийкарланған Өзбекстан - Қазақстан қатнасықларының раўажланыў пәти жоқары екенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти. 2025-жыл еки тәреплеме бирге ислесиўде әҳмийетли ҳәм нәтийжели басқыш болғаны атап өтилди.

Ушырасыўда парламентлераралық байланысларды кеңейтиў, сондай-ақ, саўда-экономикалық ҳәм мәдений-гуманитарлық байланысларды буннан былай да раўажландырыў перспективалары додаланды.

«Мәмлекетлеримиз арасындағы әмелий бирге ислесиў буннан былай да избе-из беккемленип баратуғынына исенемен», -деди Саида Мирзиёева.