Илажға Денсаўлықты сақлаў ҳәм стратегиялық раўажланыў институтының Нөкис қалалық бөлими хызметкерлери ҳәм 3-санлы қалалық шаңарақлық поликлиникасының шыпакерлери қатнасты.
Илажда халықтың медициналық мәденияты ҳәм билимлерин арттырыў мақсетинде саламатлық майданшасы ҳәм саламатлық ярмаркасы шөлкемлестирилди.
Сондай-ақ, шыпакерлер тәрепинен пуқаралардың қан басымы өлшенип, салмағы ҳәм бойы тексерилип, тийисли мәсләҳәтлер берилди.
Қан басымы жоқары пуқаралар ушын аўқатланыў рационына әмел етиў, ас дузын пайдаланыўды шеклеў, қурамында микроэлементлер көп болған мийўе ҳәм овошларды жеў, ҳәрекетли турмыс тәризине әмел етиў, көбирек пияда жүриў ҳәм азанғы шынығыўларды орынлаў, зыянлы әдетлерден ўаз кешиў, темеки ҳәм алкоголь өнимлериниң зыяны темасында түсиник жумыслары алып барылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.