Оның қурамына Индонезияның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси, профессор Сити Руҳайний Жуҳайатин, ең ири ислам шөлкеми «Nahdlatul Ulama»   орайлық кеңесиниң ўәкили доктор Ҳожи Солеҳ Қосим, сондай-ақ, Индонезияның ең ески билимлендириў орайларынан бири «Al Falah Ploso» ның басшылары - Ҳәзирет Абдураҳмон Ал-Каутсар ҳәм Нурул Худ Ҳожи Жажулий кирди. Мийманлар орайдың жумысы менен танысты.

"Саҳиҳи Бухарий" хатмының өткерилиўи сапар етиўдиң тийкарғы ўақыясы болды. Ислам дүньясындағы ең абырайлы ҳәдис китапларынан бири болған бул шығарманың Имам Бухарий мавзолейи жанында оқып питкерилиўи ушырасыўға өзгеше руўхый орталық бағышлап, өз-ара түсинисиўдиң беккемлениўине хызмет етти.

Орай директоры Шавосил Зиёдов Имам Бухарий мийрасы әсирлер даўамында өз әҳмийетин жоғалтпайтуғын әҳмийетли руўхый ҳәм илимий бағдар болатуғынын атап өтти. Илимий пикирлесиўлер даўамында қатнасыўшылар ҳәдислердиң руўхый-әдеп-икрамлылық тәрбиясы ҳәм инсан мәдениятын қәлиплестириўдеги орны ҳаққында да пикир жүргизди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2026-жыл 9-январьдағы қарарына муўапық әмелге асырылып атырған "Умра плюс" зыярат туризми бағдарламасының мазмун-мәниси ҳәм перспективаларына айрықша итибар қаратылды.

Тәреплер Самарқандтың зыярат туризми бойынша дүнья картасындағы орнын беккемлеў, сондай-ақ, жаңа Имам Бухарий комплексин индонезиялы зыяратшылар ушын әҳмийетли болған "Умра плюс" бағдарларына киргизиў перспективаларын додалады. Бул Самарқандты тек ғана зыярат етиў орны емес, ал ири илимий орай сыпатында даңқландырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Сапар етиў жуўмағында делегация ағзалары Имам Бухарий естелик комплексине барып, уллы муҳаддистиң естелигине ҳүрмет көрсетти, оның пүткил ислам дүньясы ушын жоқары руўхый ҳәм илимий әҳмийетин атап өтти.