Ассамблеяны өткериў ҳаққындағы қарар Бразилияда болып өткен БМШ РКИС тәреплер конференциясы (UNFCCC COP30) шеңберинде Өзбекстан ҳәм ГЭФ арасында тийисли Келисимге қол қойылғаннан соң қабыл етилди.
ГЭФ бас директоры ҳәм баслығы Карлос Мануэль Родригестиң атап өтиўинше, Ассамблея шешиўши дәўирде өткерилмекте: 2030-жылға шекем тек ғана төрт жыл қалды, соның ушын ҳүкиметлер, жеке меншик сектор ҳәм пуқаралық жәмийетин "Тәбият - Климат - Патасланыў" принципи әтирапында бирлестириў ҳәм планетамызды қорғаў бойынша кең көлемли илажларды әмелге асырыў әҳмийетли. Өзбекстан Экология министри Азиз Абдуҳакимов VIII Ассамблея турақлылықты беккемлеў, тәбиятты қорғаў, инвестицияларды тартыў ҳәм тәжирийбе алмасыў ушын әҳмийетли платформа болатуғынын атап өтти. Сондай-ақ, Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен әмелге асырылып атырған реформалар себепли Өзбекстан басқышпа-басқыш Орайлық Азияның экологиялық орайына айланып атырғанын атап өтти.
Ассамблеяға 186 мәмлекеттен министрлер, халықаралық шөлкемлердиң басшылары, бизнес жетекшилери, пуқаралық жәмийети, мәҳәлле ўәкиллери, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар қатнасады. Оның шеңберинде глобал экологиялық мақсетлерге ерисиў бойынша жедел "жол картасы" ислеп шығылады. Қатнасыўшылар биологиялық көп түрлиликти сақлаў, жерлерди тиклеў, химиялық патасланыўды азайтыў ҳәм климат турақлылығын беккемлеў, сондай-ақ, турақлы нәтийжелерге ерисиў ушын тийкарғы экономикалық системаларды трансформациялаўға қаратылған стратегиялық инвестицияларды додалайды.
1995-жылы ГЭФке қосылғанынан берли Өзбекстан фондтың миллий ҳәм регионаллық грант бағдарламаларын табыслы әмелге асырмақта. Бул жойбарлар сийрек ушырасатуғын тәбийғый ландшафтларды сақлап қалыў, озон қатламын жемириўши элементлерден ўаз кешиў, төмен углеродлы транспорт ушын биринши тезжүрер автобус жөнелисин шөлкемлестириў ҳәм мәмлекеттиң экологиялық машқалаларды шешиў бойынша потенциалын беккемлеўге хызмет етти. Бирге ислесиў, сондай-ақ, трансшегаралық экосистемаларды басқарыў, Орайлық Азия ҳәм Аралбойы аймақларындағы жойбарлар арқалы климат өзгериўине бейимлесиўди де қамтып алады.
ГЭФтиң VIII Ассамблеясы глобал экологиялық бирге ислесиўде әҳмийетли қәдем ҳәм дүнья мәмлекетлериниң планетамыз машқалаларын шешиўдеги аўызбиршилигиниң белгиси болады.








