Самарқанд қаласы 2025-жылы Ислам дүньясының мәденият пайтахтына айланады

    Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Ислам дүньясы билимлендириў, илим ҳәм мәденият шөлкеми (ICESCO) бас директоры Салим бин Муҳаммад ал-Малик пенен ушырасты.

    Ушырасыўда, кеңейип баратырған бирге ислесиў ҳаққында ҳәр тәреплеме пикир алысылды ҳәм ICESCOның перспективалы басламаларын, соның ишинде, 2025-жылы Самарқанд қаласын Ислам дүньясының мәденият пайтахты сыпатында белгилеў атап өтилди.

    Ушырасыўымыз даўамында Өзбекстан Ҳүкимети ҳәм ICESCO арасында бирге ислесиўди тереңлестириў ҳәм жақын келешекте нәтийжели жойбарларды биргеликте әмелге асырыўдың тийкарғы бағдарларын өз ишине алған Ҳәрекетлер режесине қол қойдық, - деп жазады СИМ басшысы өзиниң Телеграм каналында.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates