Шығындыларды қайта ислеў агентлигиниң хабарына бола, завод күнине 1,5 мың тонна шығындыны жағып, жылына 240 млн кВт/саат электр энергиясын ислеп шығарады.
Жойбардың баҳасы 150 миллион АҚШ доллары болып, ол 2025-2027-жылларда қурып питкериледи. Кәрхана иске қосылғаннан соң бул жерде 150-200 жаңа жумыс орны жаратылады.









