Фестиваль усы жылдың 28-29-июнь күнлери Самарқанд ўәлаятының Ургут районында "Халықаралық ҳаўа шарлары фестивалы" болып өтеди.
Фестиваль шеңберинде концерт ҳәм ДЖ шоу бағдарламасы, Гастрономиялық фестиваль, "Рекорд дәрежеде 75 метрлик лаваш таярлаў", миллий фольклор шығыўлары, миллий липаслар көргизбеси, симфониялық оркестр шығыўлары, атларда сейил етиў, Мотодрифт шоу, балалар ушын аттракционлар, художниклер ҳәм каллиграфия үлгилери көргизбеси, миллий ойынлар ҳәм қызықлы жарыслар шөлкемлестирилиўи режелестирилген.








