ӨзАның жазыўынша, Қытайдағы гидронасос ҳәм генераторлар ислеп шығарыўшы ең ири кәрханалардан бири болған "Tianjin Baili Equipment Group" компаниясының баслығы Ву Жейжун басшылығындағы басқарыў кеңеси ағзалары менен сөйлесиўлер ўақтында биргеликте жумысшы топар дүзип, мини ГЭСлер қурылыс ушын бар имканиятларды үйрениў ҳәм жойбарлар ислеп шығыў, қуяш панеллери арқалы ислейтуғын суў насосларын ислеп шығарыўды жолға қойыў, қуяш ҳәм самал станциялары ушын генератор ҳәм аўысық бөлеклер ислеп шығарыў мәселелери додаланды.
Мәмлекетлик шерикликте шөлкемлестирилген компанияда электр энергиясын алыў процесинде зәрүр болған барлық үскенелер ҳәм технологиялар ислеп шығарылады ҳәм пүткил мәмлекеттеги жойбарлардың 20 процентинен асламы әмелге асырылады.
Компания ўәкиллери жақын арада Самарқандта болып, биргеликте әмелге асырылатуғын жойбарларды ислеп шығыўы айтылды.









