Самарқанд ўәлаяты Нурабад районының алыс аймағы есапланған Чорвадор мәҳәллеси, Меҳр аўылы аймағында "Аймақлық электр тармақлары" АЖ Самарқанд аймақлық филиалы тәрепинен жаңа 35/10 кВ "Алға" подстанциясы қурылып атырғаны ҳаққында хабар берилген еди.
Атап өтилиўинше, жуўмақлаўшы қурылыс-монтажлаў жумыслары алып барылып, жаңа подстанция пайдаланыўға тапсырылды.
Пайдаланыўға тапсырылған бул жаңа подстанция районның Олға, Чорвадор, Ортабоз, Иттифоқ мәҳәллелериндеги 2500 ден аслам шаңарақлардың халқын үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеўи ҳәм аймақта көплеген жаңа жумыс орынларының жаратылыўына хызмет етеди.









