баннер
2 Apr 2025
19:25

    Самарқандтағы саммит себепли айырым студентлерге қысқа мүддетли дем алыс бериледи

    Оқыў процесслери болса 7-апрель, дүйшемби күнинен басланады.

    Атап өтилиўинше, Самарқандта өткерилетуғын "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммити себепли 1-5-апрель күнлери төмендеги жоқары билимлендириў мәкемелерине жазғы дем алыс есабынан қысқа мүддетли оқыў дем алысы бериледи.

    Шараф Рашидов атындағы Самарқанд мәмлекетлик университети

    Самарқанд мәмлекетлик шет тиллер институти.

    Самарқанд экономика ҳәм сервис институти.

    "Жипек жолы" туризм ҳәм мәдений мийрас халықаралық университети

    Ташкент мәлимлеме технологиялары университети Самарқанд филиалы

    Самарқанд мәмлекетлик медицина университети

    Өзбекстан - Финляндия педагогикалық институты

    Бул жоқары оқыў орны студентлери ушын қалдырылған сабақлар жазғы дем алыстың дәслепки күнлери есабынан өткериледи.

    Еслетип өтемиз, Самарқандта өткерилетуғын "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммити мүнәсибети менен 3-4-5-апрель күнлери қалаға кириў жоллары ўақтынша жабылатуғыны ҳаққында хабар берилген еди.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech