Мәмлекетимиз басшысының 2023-жыл 17-февральдағы "Жәмийетлик транспорт системасын реформалаў илажлары ҳаққында"ғы қарарына муўапық, аймақларда автотранспорт хызмети избе-из жақсыланып, жәмийетлик транспорттың жөнелис тармағы кеңейтилмекте.

Бул процессте автобус парклерин заман талаплары тийкарында модернизациялаў, экологиялық таза транспорт жөнелислеринде ҳәрекетти шөлкемлестириўге айрықша итибар қаратылмақта.

Усы мақсетте биринши басқышта Самарқанд қаласына 49 миллион долларлық 100 заманагөй электробус алып келинди. «Yutong» маркалы бул электробуслар 30 орынға мөлшерленген болып, жәми 75 жолаўшыға мөлшерленген.

Жаңа электробуслар ушын дерлик 4 гектар майданда автопарк шөлкемлестирилген. Бул жердеги қуўатландырыў станциясында бир ўақыттың өзинде 50 ге шекем жәмийетлик транспортқа хызмет көрсетиў мүмкин.

Электробуслар ушын қурылған жабық турыў орнында техникалық хызмет көрсетиў ушын көшпели оңлаў үскенелери бар. Электробуслар қаладағы 9 жөнелис бойынша брутто-шәртнама тийкарында ҳәрекетленип, күнине 70 мыңға шамалас жолаўшыға хызмет көрсетпекте.

Жойбардың екинши басқышында және 250 электробус сатып алыў нәзерде тутылған. Оның ушын Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң 120 миллион долларлық қаржысын тартыў нәзерде тутылған. Нәтийжеде қаладағы жәмийетлик транспорт системасында жанылғы жумсалыўы 32 мың литрге, шығындылардың күнлик муғдары 27 тоннаға азайыўы күтилмекте.

Ҳәзирги ўақытта автопаркте 265 хызметкер мийнет етпекте. Жаңа электробуслар алып келиниўи менен қосымша 500 ден аслам жумыс орнын жаратыў режелестирилген.

Президент Шавкат Мирзиёев жаңа автобусларды көзден өткерди.

- Бул тараўдың экономикалық турақлылығын арттырыў ушын электробусларға хызмет көрсететуғын ҳәм оларды оңлайтуғын қәнигелер таярлаў бойынша Самарқанд тәжирийбесин жолға қойыў зәрүр, - деди мәмлекетимиз басшысы.

Усы жерде Самарқанд қаласында жәмийетлик транспортты раўажландырыў, соның ишинде, автобусларды басқарыўды санластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың презентациясы өткерилди.

Сапар даўамында Президент Шавкат Мирзиёев Гагарин ҳәм Рудакий көшелериниң кесилиспесинде қурылған жол өткелин де көзден өткерди.

600 метр узынлықтағы бул туннель 12 миллион долларға қурылған болып, күнине орташа 50 мың автомобилди өткериў қуўатлылығына ийе.

Көшелер бойлап электрон басқарыўға ийе түнги жақтыландырыў системасы орнатылған, жер асты пиядалар өтиў жолы қурылған.

Туннел қурылысы Қытай ҳәм Түркия компаниялары менен биргеликте әмелге асырылды. Оның дийўаллары бурғылаў ҳәм заманагөй қурылыс технологияларынан пайдаланған ҳалда тиреў конструкцияларын көтериў усылында қурылған.

Бул қурылыс транспорт ҳәрекети тоқтатылмастан алып барылды. Аймақ абаданластырылып, саяманлы тереклер егилди.