Самарқанд агроинновациялар ҳәм изертлеўлер институтына Германия Федеративлик Республикасының «Schneiders Obsthof» компаниясы директоры Стефан Жосеф Счнеидер ҳәм ЖД Эаст шөлкеминиң ўәкиллери келди.
Сырт елли мийманларды институт ректоры, профессор Шавкат Ҳасанов күтип алды.
Ушырасыўда еки тәреп ўәкиллери бүгинги күнде студентлер ушын аўыл хожалығы өндирис әмелиятында санлы технологиялардың бар екенлиги, өсимликлерди төгинлеў, суўғарыў, ҳәр қыйлы кеселликлерге қарсы гүресиў тәжирийбелерин үйрениўи бойынша сөйлесиўлер алып барды.
Германияның «Schneiders Obsthof» компаниясы тийкарынан ашық ҳәм жабық майданда қулпынай, малина ҳәм алма жетистириўге қәнигелескен болып, өнимлерди сақлаў, сортлаў ҳәм қадақлаў менен де шуғылланады.
Сапар етиў даўамында делегация ўәкиллери институт студентлери менен ушырасты ҳәм олардың Германиядағы өндирис әмелиятына болған қызығыўшылығын үйренди. Сондай-ақ, Германиядағы өндирис әмелияты шараятлары менен студентлерди таныстырды.
Мағлыўмат орнында: Самарқанд агроинновациялар ҳәм изертлеўлер институтының 200 ге шамалас студентлери өткен оқыў жылында Германия ҳәм Уллы Британияда әмелият өтеген еди.