баннер
18 Mar 2025
21:23

    Санаат ушын инновациялар ҳәм шешимлер

    Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Химия-технология факультети физика ҳәм коллоид химия кафедрасының баслығы, химия илимлериниң докторы, доцент Оксана Сейтназарова Сурхандәря ўәлаяты Термиз қаласында өткерилген халықаралық илимий конференцияда қатнасты,-деп хабар бермекте университеттиң баспасөз хызмети.

    Химия илимлериниң докторы, академик А.А.Агзамходжаевтың естелигине бағышланған “Коллоид химия химиялық технология, экология ҳәм санаат ушын инновациялар ҳәм шешимлер” атамасындағы бул конференцияда илимпазлар, изертлеўшилер ҳәм санаат тараўының ўәкиллери жыйналды.

    Онда О.Сейтназарова өзиниң баянаты менен қатнасып, коллоид химия тараўындағы заманагөй изертлеўлер, экологиялық турақлы технологиялар ҳәм санаат ушын инновациялық шешимлер ҳаққында пикир-усынысларын билдирди.

    Бул конференция коллоид химия тараўындағы соңғы жетискенликлерди додалаў, илимий бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм әмелий нәтийжелерди санаатқа енгизиў бағдарында айрықша әҳмийетке ийе.

    Қарақалпақстан хабар агентлиги.


    No date selected
    March 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech