Овош, палыз егинлери ҳәм картошка жетистириў илимий-изертлеў институты Сурхандәрья илимий тәжирийбе станциясы тәрепинен чесноктың жаңа "Термиз 2020" сорты жаратылды ҳәм дизимнен өткерилди.
Бул ҳаққында Әдиллик министрлиги мәлим етти.
Атап өтилиўинше, сорт К-81 селекциялық клонынан жеке таңлаў усылы менен жаратылған. Бул сорт чесноктың басқа сортларынан узақ ўақыт сақланыўы менен ажыралып турады.
Чесноктың шыпалы қәсийетлери жүдә әййемнен белгили. Абу Али Ибн Сино өзиниң "Тиб қонунлари" шығармасында чесноктиң қәсийетлери ҳаққында жазып қалдырған.
Селекциялық жетискенликке берилген патенттиң әмел етиў мүддети 30 жылға тең. Жүзим, ағаш, саяманлы, мийўели тереклер ҳәм тоғай тереклериниң сортлары, соның ишинде, олардың нәллери ушын бул мүддетти 35 жылға шекем созыў мүмкин.