Быйылғы қабыллаў кампаниясы еки басқышта өтпекте. Биринши басқышта абитуриентлер тест сынақларын тапсырады, соннан кейин оларға жоқары оқыў орны, бакалавриат тәлим бағдары ҳәм билимлендириў түрин таңлаў имканияты бериледи.

24-июль күни 23-июль күни өткерилген тест нәтийжелери жәрияланады. Усы тәризде барлық абитуриентлер өзлериниң жуўмақлаўшы нәтийжелери менен танысыў имканиятына ийе болады.

Буннан кейин абитуриентлер 25-июльден 8-августқа шекем жоқары оқыў орынларын, билимлендириў бағдарларын ҳәм билимлендириў түрлерин таңлаўы мүмкин болады.

Соң 8-17-август күнлери жуўмақлаўшы мандатты қәлиплестириў жумыслары әмелге асырылады. Мандат нәтийжелери 17-август күни жәрияланыўы күтилмекте.

Жоқары оқыў орынларына усыныс етилмеген абитуриентлер 18-27-август күнлери техникалық колледжлерди таңлаўы мүмкин болады.

Мағлыўмат ушын: 2025/2026-оқыў жылы ушын қабыллаў жуўмақлары бойынша мандат нәтийжелери 13-августта, яғный нызамшылықта белгиленген мүддеттен бес күн алдын жәрияланды.

Быйыл абитуриентлер саны өткен жылға салыстырғанда 54,5 мың адамға азайып, 677 мың 907 адамды қурады. Салыстырып қарасақ, өткен оқыў жылында қабыллаў процесинде 732 мың 411 абитуриент қатнасқан.

Быйылғы жылда да мандат нәтийжелери белгиленген мүддеттен алдын жәрияланыўы мүмкин екени бийкарланбайды.

Абитуриентлер @mandatjavobbot хызмети арқалы түрли жоқары оқыў орынларындағы қәнигеликлер ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәм ҳәр бир жоқары оқыў орны бойынша өтиў балларын билип алыўы мүмкин.