Атап өтилиўинше, мәмлекетимизде халық арасында, әсиресе, балалар ҳәм жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, соның ишинде, темеки өнимлериниң тарқатылыўы ҳәм пайдаланылыўының алдын алыў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта.
Соның менен бирге, соңғы жылларда темеки өнимлериниң жаңа түрлерин, атап айтқанда, никотинди жеткерип бериўдиң электрон системаларын, соның ишинде, электрон сигареталарды нызамға қайшы түрде мәмлекетимизге алып кириў ҳәм айланысқа киргизиў жағдайлары көбеймекте.
Усы мүнәсибет пенен, темеки өнимлериниң, никотинди жеткерип бериўдиң электрон системаларының, соның ишинде, электрон сигареталардың ҳәм олар ушын суйықлықлардың елимиз аймағында айланысын қадаған етиў, оларды нызамға қайшы түрде айланысқа киргизгенлик, сондай-ақ, темекини қыздырыў системаларын нызамға қайшы түрде айланысқа киргизгенлик ушын жуўапкершилик белгилеў зәрүрлиги жүзеге келмекте.
Нызам менен Жынаят кодексине ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске айланысы қадаған етилген темеки өнимлерин, никотинди жеткерип бериўдиң электрон системаларын, соның ишинде, электрон сигареталарды ҳәм олар ушын суйықлықларды ислеп шығарыў, таярлаў, алыў, сақлаў, тасыў ямаса өткериў, сондай-ақ, алып кириў ҳәм алып шығыў ушын жуўапкершилик белгиленетуғынын нәзерде тутыўшы өзгерислер киргизилмекте.
Бул Нызам тек ғана айыпкер шахсларды жазалаўға қаратылғаны менен емес, ал ислеген нызамсыз ҳәрекетлери ҳаққында өз ықтыяры менен ҳәкимият уйымларына арза берген ҳәм айланысы қадаған етилген өнимлерди тапсырған шахсларды жуўапкершиликтен азат етиўди нәзерде тутатуғыны менен де әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Сенаторлар тәрепинен Нызам халықтың өмири ҳәм денсаўлығын қорғаўға, миллет генофондын сақлаўға және қоршаған орталықты темеки ҳәм никотин өнимлериниң жаңа түрлеринен қорғаўға хызмет ететуғыны атап өтилди.
Додалаў жуўмағында Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.









