Бизге белгили, мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы мүнәсибети менен Президентимиздиң тийисли Пәрманына тийкарланып түрли тараўларда нәтийжели мийнети, мәмлекетимиздиң раўажланыўына қосқан үлкен үлеси ушын бир топар ўатанласларымыз ҳүрметли атақлар, орден ҳәм медаллар менен сыйлықланған.
Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева ҳәм Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддин Исмоилов Өзбекстан Республикасы Президенти атынан сыйлықланғанларға мәмлекетлик сыйлықларды ҳәм тийисли ҳүжжетлерди тапсырды.
Шығып сөйлегенлер атап өткениндей, ғәрезсизлик жылларында әмелге асырылған реформалар, жаңаланыў ҳәм дөретиўшилик процесслери нәтийжесинде халқымыздың абаданлығы, елимиздиң раўажланыўы барған сайын жоқарылап бармақта. Бүгинги күнде барлық тараўлардағы жетискенликлер халқымыздың абадан турмысында өз көринисин таппақта.
Сыйлықланғанлар мәмлекетимиз басшысының жоқары итибары ҳәм исеними ушын терең миннетдаршылығын, сондай-ақ, Жаңа Өзбекстанның раўажланыўы жолында және де белсене мийнет етиўге таяр екенлигин де билдирди, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.









