баннер
25 Apr 2025
11:25

    Сенатта Европа парламенти делегациясы менен ушырасыў болып өтти

    Усы жыл 14-апрельде Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева Европарламенттиң Орайлық Азия мәмлекетлери менен байланыслар бойынша делегациясының баслығы Томас Здеховский басшылығындағы Европа парламенти делегациясы менен ушырасыў өткерди.

    Сөйлесиў ўақтында еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды. Сиясий сөйлесиўдиң жоқары дәрежеси ҳәм парламентлераралық байланыслардың кеңейип барыў динамикасы атап өтилди.

    Өткен ҳәптеде Ташкент қаласында болып өткен Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясының жуўмақларына айрықша итибар қаратылды. Атап өтилгениндей, Европаның 18 мәмлекетинен делегациялардың қатнасқаны Европа Аўқамы қоллап-қуўатлағанының айқын дәлили болды. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң халықаралық көлемде кеңнен көзге тасланған шығып сөйлеген сөзи жоқары баҳаланды.

    Сондай-ақ, 4-5-апрель күнлери Самарқанд қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында тарийхта биринши мәрте болып өткен "Орайлық Азия - Европа Аўқамы" биринши саммитиниң жуўмақлары да көрип шығылды. Ерисилген келисимлер, соның ишинде, Ташкент қаласында Европа инвестиция банкиниң регионаллық ўәкилханасын ашыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

    Ушырасыў жуўмақлары бойынша тәреплер Олий Мажлис Сенаты ҳәм Европа парламенти арасындағы парламентлераралық сөйлесиўди және де тереңлестириўден мәпдар екенин тастыйықлады, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.

    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech