Ушырасыўда Өзбекстан менен Монголия арасындағы кең көлемли шериклик байланыслары көп әсирлик дослық, жақсы қоңсышылық қатнасықларына, өз-ара тығыз саўда-экономикалық ҳәм гуманитарлық бирге ислесиўге тийкарланғаны атап өтилди.

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Монголия Уллы Мәмлекетлик Хуралы менен бирге ислесиў бойынша парламентлераралық дослық топарының жумыс нәтийжелилигин арттырыў ҳәм жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң орынланыўы үстинен биргеликтеги парламентлик қадағалаўды жолға қойыў бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Монголияға мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлер шеңберинде аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тараўларында белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм толық әмелге асырылыўын тәмийинлеў парламентлераралық топардың да ўазыйпасы екенлиги атап өтилди.

Буннан тысқары, ушырасыўда парламентлераралық бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў, оны жаңа мазмун менен байытыў, нызам дөретиўшилиги тараўында өз-ара тәжирийбе алмасыў мәселелери бойынша да сөз болды, деп хабар бермекте Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.