Сөйлесиў ўақтында Қытай Өзбекстанның әҳмийетли стратегиялық шериклеринен бири екени атап өтилди. Еки мәмлекет жетекшилериниң ашық ҳәм исенимли сөйлесиўи себепли еки тәреплеме қатнасықлар ҳәр тәреплеме, узақ мүддетли стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилди.
Ушырасыўда Өзбекстан-Қытай бирге ислесиўиниң әҳмийетли бағдарлары ҳәм перспективалары, соның ишинде, парламентлераралық бирге ислесиўди жеделлестириў, аудит ҳәм финанслық ашық-айдынлық тараўындағы бирге ислесиў мәселелери додаланды.
Буннан тысқары, ушырасыў даўамында мәмлекетлик бюджетти қәлиплестириўде, соның ишинде, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў тараўларында гендер қатнасының әҳмийети мәселесине тоқтап өтилди. Және де әдалатлы ҳәм нәтийжели экономикалық ҳәм социаллық структураларды жаратыў ушын гендер мәселелерин есапқа алыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Аймақлараралық сөйлесиўди раўажландырыў шеңберинде ҳәм жергиликли бюджетлерди қәлиплестириў процесинде парламентлик қадағалаўды күшейтиўге қаратылған бағдарламалық жойбарларды иске қосыўға келисип алынды, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.