Сессияға районлық Кеңес депутатлары, мәкеме ҳәм кәрхана басшылары, өзин-өзи басқарыў уйымларының баслықлары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Сессияны Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиниң баслығы Б.Мадаминов алып барды.
Дәслеп сессия күн тәртибинде халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңеси секретариаты баслығын тайынлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кеңесиниң тийисли қарарына муўапық, депутатлар арасынан жоқары мәртебеге ийе, тәжирийбели еки талабан таңлап алынып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине усынылған. Усынылған талабанлар арасынан халық депутатлары районлық Кеңеси секретариаты баслығы лаўазымына 10-санлы “Ханжап” сайлаў округинен депутат Серик Усеновтың кандидатурасы мақулланды. Депутатлар бул мәселе бойынша өз пикирлерин билдирди.
Буннан соң районлық Кеңестиң турақлы комиссиялар қурамын қәлиплестириў мәселеси көрип шығылды. Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңеси регламентиниң 92-статьясына муўапық, Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңеси сессияларына киргизилетуғын мәселелерди анық көрип шығыў ҳәм таярлаў ушын өз ўәкилликлери мүддетинде жәмийетшилик басламада жумысларды әмелге асырыўшы турақлы комиссиялардың дүзилиўи белгиленген.
Сессияда жергиликли бюджет, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм экономикалық реформа мәселелери, коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм қәўипсизлик мәселелери, социаллық тараў, жаслар сиясаты, мәденият ҳәм спорт мәселелери, аграр, суў хожалығы ҳәм экология мәселелери, регламент ҳәм депутатлық әдеп-икрамлылық мәселелери бойынша турақлы комиссияларды дүзиў бойынша мәселе додаланды ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.
Сессияда сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 11-ноябрьдеги 709-санлы қарарына муўапық, фермер хожалықлары ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларын шөлкемлестириў ушын жер майданларын электрон аукцион саўдасына шығарыў ҳәм тийисли өзгерислер киргизиў, райондағы фермер хожалықлары ҳәм аўыл хожалығы кәрханалары егин майданларының атыз шетлерине тут, жүзим ҳәм басқа мийўели тереклерди егиўди шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылды.
Сессия күн тәртибиндеги мәселелер бойынша депутатлардың пикирлери тыңланып, тийисли қарарлар қабыл етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.